Бүгин 04-март күни Нөкис Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында Миллетлераралық татыўлықты беккемлеў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў ҳәмде китапқумарлыққа болған қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде руўхый-ағартыўшылық иләжи өткерилди.
Иләжда Нөкис қалалық «Нураный» қоры баслығы К.Календеров, Билимлендириў тараўында көп жыллар хызмет еткен Нураный Б.Султанов, Дин ислери бойынша Нөкис қалалық бөлими бас қәнигеси Х.Незаметов, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис қалалық бөлими қәнигеси Қ.Нуратдинов, Халық депутатлары Нөкис қалалық Қеңеси секторы баслығы Т.Дашекеновлар қатнасты. Мәжилисти билим журты директоры Ж.Абдиразаков кирис сөзи менен ашып берди ҳәм келген мийманларды қатнасыўшыларға таныстырып өтти. Бул жыйналыс Өзбекстан Республикасы Дин ислери бойынша Комитетиниң режеси тийкарында өткерилип атырғанын, сондай-ақ соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиз тәрепинен билимлендириўге, илим-пәнди раўажландырыўға ҳәм жаслардың тәрбиясына айрықша итибар қаратылып атырғанын атап өтти. Кейин сөз нәўбети Билимлендириў тараўында көп жыллар хызмет еткен Нураный Б.Султановқа берилди. Ол бүгинги күнде елимизде жүз берип атырған жаңаланыўлар, раўажланыўлар елимиздиң раўажланыў жолын, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған жаңаланыўлар ҳаққында қатнасыўшыларға қысқаша түсиник берди. Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша Дин ислери бойынша Нөкис қалалық бөлими бас қәнигеси Х.Незаметов сөзге шығып, елимиздеги соңғы өзгерислер, жетискенликлер, жасларға қаратылып атырған имканиятлар, сондай-ақ усындай руўхый ағартыўшылық иләжлар арқалы жасларда елимизде алып барылып атырған реформалар ҳаққында мағлыўматқа ийе болатынын айтып өтти.