MUHAMMMAD IBN AHMAD AL-BERUNIY” ORTA ARNAWLĺ ISLAM BILIM JURTĺ

Bilim jurtında talabalar zaman talaplarına say bilim alıwı ushın barlıq qolaylıqlar jaratılǵan. Atap aytqanda, eǹ zamanagóy oqıw quralları menen támiyinlengen oqıw xanaları, málimleme-resurs orayı, dáretxana, asxana, jataqxana, sport zalı, mini futbol maydanshası, salamatlıq xanası, shashtárezxana bar.

“Quranı kárim hám tájwid” pullı oqıw kursları

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Diniy-aǵartıwshılıq tarawınıń jumısın túpkilikli jetilistiriw ilajları haqqında”ǵı 2018-jıl 16-apreldegi PP-5416-sanlı Pármanı menen tastıyıqlanǵan ilajlar Baǵdarlamasınıń 6-bántinde belgilengen wazıypalardıń orınlanıwın támiyinlew maqsetinde Ózbekstan musılmanları mákemesiniń 2018-jıl 30-apreldegi 01A/056-sanlı buyrıǵı tastıyıqlanǵan. Usı múnásibet penen Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy medresesinde 2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Málimleme resurs orayı

Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta arnawlı islam bilim jurtınıǹ málimleme resurs orayı fondında jámi 17756 kitap saqlanbaqta. Sonnan, 1505 ulıwma bilimlendiriw ádebiyatları, 4085 arnawlı pánlerden sabaqlıqlar, 764 sociyallıq-ekonomikalıq ádebiyatlar, 7340 ilimiy-ǵalabalıq ádebiyatlar, 919 elektron ádebiyatları quraydı.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

Ҳақыйқый мөмин ким?

Абдуллаҳ ибн Амир разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:

«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:

«Ҳақыйқый мусылман – мусылманлар оның тилинен ҳәм қолынан саламат болған адам. Ҳақыйқый муҳажир – Аллаҳ қайтарған нәрседен узақта болған адам», деди».

Бесеўи рәўият қылған.

Термизий ҳәм Насаийлар:

«Мөмин – адамлар оған қанларын ҳәм малларын исенген адам» дегенди зыяда қылған.

Шарҳ: Усы ҳәдисте ҳәмде оған Термизий ҳәм Насаийлар рәўиятындағы қосымшада үш әҳмийетли мәселе, үш әҳмийетли тәрийп келмекте. Яғный, ҳақыйқый абзал мусылман, абзал муҳажир ҳәм абзал мөмин ҳаққында айтылмақта. Усы ҳәдисте келген мусылман, муҳажир ҳәм мөмин тәрийпи абзаллық тәрийпидур. Мысал ушын,

«Ҳақыйқый мусылман – мусылманлар оның тилинен ҳәм қолынан саламат болған адам» деген сөзден «мусылманларға тили ҳәм қолы менен азар жеткерген адам мусылман болмайды» деген мәни шықпайды. Бул тәрийптеди гәплер, «пәленшини адам десе болады», «пәленши ҳақыйқый адам» деген гәпке уқсайды. Исламның бес рукнлерине әмел қылған адам мусылман есаплана береди. Бирақ, мусылманларға азар бермеген, оларға тили ҳәм қолы менен зыян жеткермеген адам абзал мусылман болады.

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламның абзал мусылманды бундай тәрийплеўинде аз сөз бенен үлкен мәнини аңлатыў, сөзлик байлықларынан усталық пенен пайдалыныўдың жоқары дәрежеси өз көринисин тапқан.

Ислам, мусылман сөзлери «саламатлық» «тынышлық» мәнилерин аңлатады. Соның ушын мусылман адам – өзге адамлар оның жаманлықларынан тыныш ҳәм саламат болған шахыс, делинбекте.

«Тилинен ҳәм қолынан» делингенде тек усы еки ағзаны нәзерде тутылған емес. Әдетте, көбирек адамларға тил ҳәм қолдан зыян, азар жетеди. Буннан басқа усыл ҳәм жоллар менен азар бериў де усыларға кирип кетеди. Ким бул исти қылса, мусылманлық дәрежелерин жоғалтады.

«Муҳажир» ҳижрат қылыўшы (басқа орынға көшиўши) дегени. Ҳижрат Аллаҳтың жолында, дин-дыянат жолында ел-журттан ажыраў. Бул уллы дәреже Исламда пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам бас болып мусылманлар мушриклердиң езиўшилиги себепли ана журты–Мәккәи Мукарраманы таслап, Мадинаи Мунаўўараға ҳижрат қылғанларынан басланған.

 «Ҳақыйқый муҳажир – Аллаҳ қайтарған нәрседен узақта болған адам», демекте. Бул тәрийп те тап алдынғы тәрийпте зикир қылынған нәрселерди өзиниң ишине алады. Сөзликтеги мәниси Ўатаннан, ел-журттан ажыралыўдан ибарат болған ҳижрат Аллаҳ қайтарған нәрселерден узақта болыўда да беккем болыўы мүмкинлиги айтылып атыр. Соның ушын, Аллаҳ қайтарған ислер – гүналардан узақта болыўлық та дин-дыянатке әмел қылыў ушын болғаны себепли муҳажирлик, деп аталмақта.

Енди, Термизий ҳәм Насаий рәўиятларында келген:

«Мөмин – адамлар оған қанлары ҳәм малларын исенген адам» деген тәрийпке тоқтайық. Ийман, мөмин сөзлери «аманлық», «исенимли» мәнилерин аңлатады. «Мөмин» сөзи бизлерде «кишипейил» мәнисинде ислетилиўи де соннан. Мөмин адам ҳәмме ўақыт тынышлық, аманлық тәрепдары болғанынан адамлар оған жүдә исенип қалады. Яғный, өз жанлары ҳәм мал-мүликлерине мөминнен жаманлық жетпеўине ҳәмме ўақыт кәмил исенимде болады.

Усы ҳәдистен алынатуғын пайдалар:

1. Мусылманларға азар ҳәм жаманлық жеткермеўге ҳәрекет қылыў. Себеби, ким мусылманларға тили менен болсын, қолы менен болсын ямаса басқа жол менен болсын азар жеткерсе, жаманлық қылса, ол мусылманлық пазыйлетинен ажыралады.

2. Аллаҳ таала қайтарған нәрселерден өзин тыйыўға қатты урыныў. Себеби гүна ислерден тоқтаў менен муҳажирлик мақамына ерисиў мүмкин екен.

3. Адамлардың жанына, қанына ҳәм мал-мүлкине көз алайтырмаў. Ким басқалардың өзине болған исенимин жоғалтса, адамлар оннан жанлары ушын, маллары ушын қорқа басласа, мөминлик пазыйлетин жойтқан болады.

Усы ҳәдиси шарийфтиң ҳикметлери бүгинги кунимиз ушын қәшелли әҳмийетли екенин айтып отырыўға ҳәжет бар ма екен? Ҳәзирги күнде адамлар тили ҳәм қолы менен жаманлық жеткермейтуғын мусылманларға қаншелли мүтәж. Жеке шахыс­лар арасындағы мәмилелерге қарасаңыз, мусылман мусылманға түрли жоллар менен азар берип атырғанын көресиз.

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам муҳажирлик дәрежесине ерисиў жолын аңсатластырып, Аллаҳ таала қайтарған нәрселерден қайтқан адам – муҳажир екенин жәриялап қойыпты. Негизинде де Аллаҳ қайтарған ҳәр бир нәрседен қайтыў – мусылман бендениң миннети. Бирақ, меҳр менен, мийрим менен, ўазыйпаны қылған адамға сыйлық – муҳажирлик дәрежеси жәрияланыпты. Хош, бул сыйлыққа мусылманлар қәшелли умтылмақта?! Аллаҳ таала қайтарған нәрселерден қәшелли қайтып атыр? Аллаҳ таала мусылманларды өтириктен, ҳарамнан, арақтан, зинадан, зулымнан, урлықтан, алдаўықшылықтан ҳәм басқа көпғана нәрселерден қайтарған. Егер усы ҳәдиске әмел қылғанымызда, көп жаўызлықлар улыўма болмас еди.

Мөминлик әне қандай жақсы нәрсе! Мөминди көрген адам оннан қуўанады, оған ҳәўес қылады. Мөминлиги ушын оған жанын, малын исенеди. Себеби мөминлик аманлық тимсалы. Өкинишлиси, ҳәзирде мөминмен деп жүрген айрым адамлардың қылған ислеринен динге таза жүзленгенлер жаман көрип, ҳәттеки  диннен қайтып кеткен ҳаллары да болып турыпты. Ислам тәлиматларынан, Пайғамбар алайҳиссалам сүннетлеринен узақласыўдың ақыбети – усы!

Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуфтың “Ҳәдис ҳәм Турмыс” китабынан

Абдураҳман Идрисов аўдармасы

Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний орта арнаўлы ислам билим журты мударриси