IBN AHMAD AL-BERUNIY” ORTA ARNAWLĺ ISLAM BILIM JURTĺ

Bilim jurtında talabalar zaman talaplarına say bilim alıwı ushın barlıq qolaylıqlar jaratılǵan. Atap aytqanda, eǹ zamanagóy oqıw quralları menen támiyinlengen oqıw xanaları, málimleme-resurs orayı, dáretxana, asxana, jataqxana, sport zalı, mini futbol maydanshası, salamatlıq xanası, shashtárezxana bar.

“Quranı kárim hám tájwid” pullı oqıw kursları

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Diniy-aǵartıwshılıq tarawınıń jumısın túpkilikli jetilistiriw ilajları haqqında”ǵı 2018-jıl 16-apreldegi PP-5416-sanlı Pármanı menen tastıyıqlanǵan ilajlar Baǵdarlamasınıń 6-bántinde belgilengen wazıypalardıń orınlanıwın támiyinlew maqsetinde Ózbekstan musılmanları mákemesiniń 2018-jıl 30-apreldegi 01A/056-sanlı buyrıǵı tastıyıqlanǵan. Usı múnásibet penen Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy medresesinde 2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Málimleme resurs orayı

Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta arnawlı islam bilim jurtınıǹ málimleme resurs orayı fondında jámi 17756 kitap saqlanbaqta. Sonnan, 1505 ulıwma bilimlendiriw ádebiyatları, 4085 arnawlı pánlerden sabaqlıqlar, 764 sociyallıq-ekonomikalıq ádebiyatlar, 7340 ilimiy-ǵalabalıq ádebiyatlar, 919 elektron ádebiyatları quraydı.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

Талаба жаслар Ашық сабақта белсенди қатнасты

Нөкис қаласы Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты 2023-2024 оқыў жылы ушын өткерилетуғын Ашық сабақ лар кестесине тийкар устаз Караматдин Нажиматдинов нәўбеттеги Ашық сабағын талабалар нәзерине усынды.

Ашық сабағы 26-февраль күни биринши пара 4 курс б топар талабаларына Улумул Қуран пәни бойынша өткерилди. Өткерилген бул Ашық сабақ барысында эксперт сыпатында билим журты директоры Ж.Абдиразаков, билим журты Оқыў ислери бойынша директор орынбасары С.Кудайбергенов, Оқыў методикалық бөлим баслығы Ө.Шамуратов, методист З.Сагидуллаев, оқытыўшылардан А.Якупов ҳәм И.Аллаяровлар қатнасты ҳәм сабақ барысын анализлеп отырды.

Ашық сабақты өткериўден тийкарғы мақсет, бул билим журты оқытыўшыларының тийисли пәни жетискенлиги, талаба жаслардың сабақ бойынша еледе жаңа жаңалықлардан хабардар болыўы, жаңа педагогикалық технологиялар, сол тийкарда жаңа методлардан пайдаланған ҳалда сабақ процессин пухта таярланған ҳалда сабақты қызықлы өткериў ҳәм усы арқалы сапалы билим бериўди енгизиўден ибарат.    Сабақ жуўмағында экспертлер тәрепинен сабақ барысы, жетискенликлери, кемшиликлери, пикир ҳәм усыныслары бойынша талықлаў өткерилди. Онда билим журты директоры Ж.Абдиразаков сөз алып, оқытыўшы К.Нажиматдиновтың жетискенликлери, алдағы сабақ барысында итибар қаратыўы керек болған мәселелер бойынша өз пикир усынысларын билдирип өтти. Буннан соң Ашық сабақ бойынша билим журты Оқыў ислери бойынша директор орынбасары С.Кудайбергенов,  Оқыў методикалық бөлим баслығы Ө.Шамуратов, методист З.Сагидуллаев, қәнигелик пәни оқытыўшылары А.Якупов, И.Аллаяров сабақ барысы бойынша пикир усыныслар берип өтти. Экспертлер тәрепинен оқытыўшы К.Нажиматдинов тәрепинен өткерилген ашық сабақ айрықша өткерилди деп есапланды