«ИНСАН» сөзи Адам ата әўладының улыўмалық аты, күнделик турмыста көбирек қолланылатуғын атамалардан бири.
Айырым алымлардың айтыўынша, «Инсан» сөзи араб тилиндеги «Аниса» сөзинен алынған болып, мәниси «бейимлесиў», «танысыў», «досласыў», «жақтырыў», «жақсы көриў», «үйрениў», дегени. Демек, бул ҳәрекетлерди өзинде жәмлеген жанзаттың аты сыпатында инсан сөзи пайда болған.
Инсанлар үйренеди ҳәм үйренген нәрселерин басқа инсанларға үйретеди. Ҳәттеки, аңсыз жанзатларды, мысалы, ийтлерди, пышықларды, қусларды ҳәм тағы басқа ҳайўанларды өзине үйрете алады.
Басқа алымлардың айтыўына қарағанда ол араб тилиндеги «нисян» сөзинен алынған болып, «умытыў», «естен шығарыў», деген мәниде. Инсан мудамы Аллаҳға болған шүкиршиликти умытып жүргени ушын усындай аталған деген.
Әбиў Наср Фарабий бабамыз өзиниң “Пазыйлетли адамлар қаласы” китабында: «Адамларды бирлестириўши басланғыш тийкар инсаныйлық, соның ушын да, адамлар инсан қатарына киргени ушын өзара тынышлықта жасаўы лазым», деген.
Инсан – мәнаўий кәмиллик имканиятына ийе болған жанзат.
Инсанларға күнделикли турмысымызда — адам, киси, шахс, пуқара ҳәм тағы басқа атамалар ислетиледи.
«АДАМ» сөзи араб тилинен алынған болып, оның биринши мәниси – «қара денели», екинши мәниси «қызыл топырақтан жаратылған», дегени. Аллаҳ таала Адам алайҳиссаламды жердиң үстиндеги қызғыш топырақтан жаратқаны ушын усылай аталған.
Сидқий Хандайлиқий: «Адамды бийдайрең болғаны ушын адам, деп аталған», деп тәрийплеген.
Адам сөзи қолланылғанда, Адам атаның зүрядларынан бири екени түсиниледи.
«ШАХС» атамасы араб тилинен алынған болып, жәмийеттеги өз алдына бир адам ушын қолланылады.
«БАШАР» сөзи араб тилинен алынған болып, «бушр» – «хошхабар», «Бишр» – «қуўаныш», «башаратун» – «қабық, ет» мәнилеринен алынған, адам сөзинен мәнилес ҳалда ислетиледи.
«ИНДИВИД» сөзи латынша «individuum» сөзинен алынған болып, «бөлинбес», «ажыралмас», «өз алдына», мәнилерин аңлатады. Өз бетинше жасаўшы тири нәрсеге ислетиледи.
«СУБЪЕКТ» сөзи латынша «subjectum» сөзинен алынған болып, «Жедел ис-ҳәрекет қылыўшы, билиўши, аңлы, өз еркине ийе болған индивид ямаса жәмийетлик топар» мәнисинде.
«ПУҚАРА» сөзи араб тилинен алынған болып «жарлы» мәнисин аңлатады. Алдыңғы дәўирде халықтың көпшилиги жарлы ҳалда жасағаны ушын кейиншелик халық мәнисинде ислетилип кетилген.
Айырым философлар адамзатқа төмендегише тәрийп берген екен:
Демокрит: «Инсанды тек ғана оның ислерине қарап емес, умтылыўына қарап та баҳалаў лазым».
Сицерон: «Инсан қандай пикирлесе, ол турмыста сондай болады».
Расул Ҳамзатов: «Адам — тек ғана атама емес, — атақ, атақ болғанда да, жүдә жоқары атақ. Бул жоқары атаққа мүнәсип болыў ушын өмир бойы умтылыў керек.
Дүньядағы бәрше тәрийплерден үстин ҳәм ең туўрысы бул Аллаҳ тааланың Кәламы Қураны кәриймде келтирилген аят. Аллаҳ таала Өз Кәламында инсан ҳаққында төмендегише тәрийплер берген:
«Егер Аллаҳтың неъматларын санасаң, санына жете алмайсаң. Әлбетте, инсан жүдә залым ҳәм (Рәббисине) жүдә нашүкир», (Ибраҳим сүреси, 34-аят).
«Ҳақыйқатында да, Биз инсанды (Адамды) қара балшықтан (алып) кептирилген ылайдан жараттық», (Ҳижр сүреси, 26-аят).
«Инсан (Аллаҳтан) жақсылық сорап дуўа қылғанындай, (арасында қамыққан ўақытта) жаманлық сорап та дуўа қылады. Инсан (усындай) асығыўшы болды», (Исро сүреси, 11-аят).
«Қашан (Биз) инсанға (тынышлық, саламатлық, пәраўанлық) инам етсек, ол (шүкир қылыўдан) жүз бурады ҳәм өзин шетке алып, узақласады. Қашан оған (кеселлик, жарлылық киби) бир жаманлық жетсе, үмитсиз болады», (Исро сүреси, 83-аят).
«Ҳақыйқатында да, Биз бул Қуранда адамлар ушын көп мысалларды баян еттик. Инсан – көп тартысыўшы». (Каҳф сүреси, 54-аят).
Абдураҳман Идрисов
Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний ислам билим журты мударриси