Гарвард университети әдалат ушын Қураны кәриймди ең жақсы китап деп тән алды, себеби Қураны кәрийм әдалат ушын негиз болады.
Гарвард университети, нызам ҳәм әдалат бойынша изертлеўлер алып барғаннан кейин, Қураны кәриймди инсан турмысының нызамларын толық қамтып алған, яғный әпиўайы турмыс машқалаларынан тартып, үлкен машқалаларға шекем бәрше ҳүкимлерге ийе болған ең исенимли китап деп тән алған. Бизнес, қарым-қатнас, басқа да адамлар арасында болатуғын байланыслар, кеңпейиллик ҳәм басқа да нызам-қағыйдаларды өз ишине қамтыған.
Көп қағыйларды өзинде қамтыған Қураны кәрийм Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўасаллам арқалы жалғыз Аллаҳтың Өзинен келген, онда пүткил жасаў нызамларының дереги бар. Муқаддес китаптың басқа нызамлардан үстемлиги, биринши нәўбетте, әдалат тийкарғы нызам болыўында, бунда әдалатсызлық ҳеш бир орында мақталмаған.
Гарвард юридикалық университети дүньядағы ең белгили ҳәм ең жоқары орында турыўшы илим журты. Усы университеттиң кириў бөлиминде Ниса сүресиниң аятлары жазылған. Бул аят инсаният тарийхындағы әдалатты аңлатыўшы ең уллы сөз.
Гарвард университетинде жазылған аят төмендегише:
«Ҳәй ийман келтиргенлер! Әдалат пенен турың ҳәм егер өзлериңиз, ата-аналарыңыз, ағайин-туўысқанларыңыздың зыянына болса да, Аллаҳ ушын туўры гүўалық бериўши болың! Егер ол (гүўалық берилиўши) бай болса да, жарлы болса да, Аллаҳ ол екеўине (қырағылық тәрепинен) жақынырақ. Солай екен, әдалатлы болыўыңыз ушын ҳаўайы нәпсиге берилип кетпең! Егер (тиллериңизди) бурсаңыз ямаса (гүўалықтан) жүз бурып кетсеңиз, әлбетте, Аллаҳ ислеп атырған ислериңизден хабардар»
Ниса сүресиниң бул аятлары Гарвард университетиниң юридикалық факультетине кирген жердеги дийўалға жазылған. Ол жерге және Сент Августин ҳәм Магна Карталардың сөзлери де жазылған.
Мағлыўмат ушын: Гарвард университети Америка қурама штатлары, Массачусетс штаты, Бостонға қараўшы Кембридж қаласында жайласқан. Гарвард — АҚШ ҳәм дүньядағы илим ҳәм карьерада ең жоқары турыўшы университет.
Интернет мағлыўматлары тийкарында таярланды.
Абдураҳман Идрисов
Муҳаммад ал Беруний ислам билим журты мударриси