IBN AHMAD AL-BERUNIY” ORTA ARNAWLĺ ISLAM BILIM JURTĺ

Bilim jurtında talabalar zaman talaplarına say bilim alıwı ushın barlıq qolaylıqlar jaratılǵan. Atap aytqanda, eǹ zamanagóy oqıw quralları menen támiyinlengen oqıw xanaları, málimleme-resurs orayı, dáretxana, asxana, jataqxana, sport zalı, mini futbol maydanshası, salamatlıq xanası, shashtárezxana bar.

“Quranı kárim hám tájwid” pullı oqıw kursları

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Diniy-aǵartıwshılıq tarawınıń jumısın túpkilikli jetilistiriw ilajları haqqında”ǵı 2018-jıl 16-apreldegi PP-5416-sanlı Pármanı menen tastıyıqlanǵan ilajlar Baǵdarlamasınıń 6-bántinde belgilengen wazıypalardıń orınlanıwın támiyinlew maqsetinde Ózbekstan musılmanları mákemesiniń 2018-jıl 30-apreldegi 01A/056-sanlı buyrıǵı tastıyıqlanǵan. Usı múnásibet penen Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy medresesinde 2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Málimleme resurs orayı

Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta arnawlı islam bilim jurtınıǹ málimleme resurs orayı fondında jámi 17756 kitap saqlanbaqta. Sonnan, 1505 ulıwma bilimlendiriw ádebiyatları, 4085 arnawlı pánlerden sabaqlıqlar, 764 sociyallıq-ekonomikalıq ádebiyatlar, 7340 ilimiy-ǵalabalıq ádebiyatlar, 919 elektron ádebiyatları quraydı.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

Әбул Мәфәхир ал Кердерий ҳәм оның илимий мийрасы

«Имам Абдулғафур[1] ибн Луқман[2] ибн Муҳаммад ал Кердерий. Бул кисиниң уламалар арасында дәрежеси, илими жоқары болғанлықтан  «Шәрофул-қуззот» – қазылардың уллысы, «Тәжуддин» –динниң тажы, «Әбиўл-Мәфәхир» (Мақтаныш әкеси), деп лақапланған. Ол Ески Хорезм диярының Кердер ўәлаятында туўылған. Ҳалаб қаласында қазы болып ислеген ҳәм сол қалада қайтыс болған»[3]. Туўылған жылы мәлим емес, шама менен ҳижрий алтынша әсирдиң баслары.

Абдулғафуўр ал-Кердерий Әбул Фазл Абдурраҳман ибн Муҳаммад ал-Кирмәнийден фиқҳ илимин үйренип, Әбиў Таҳир ас-Синжий ал-Мәрўәзийден бир неше китапларды жазып қалдырған. Сондай-ақ, “Ал-Мәтәлиъ” ҳәм “Баянул ҳикмә” китапларын жазған алым Сиражуддин ал-Әрмәўийден де сабақ алып, көплеген илимлерди ийелейди. Фиқҳ илиминде ең уллы алым дәрежесине жетип, сол дәўирде аты Ислам әлемине танымал болады.

«Әш-Шәқоиқун-нуъмәнийя» китабында айтылыўынша, «Изниқ» медресесинде сабақ берген. Даўыт ал-Қайсарий қайтыс болғаннан кейин султан Орхан оны ал-Қайсарийдың орнына мударрис етип қойған. Ол жерде бир мүддет мударрис болып ислеген. Сол заманның талабалары оннан сабақ алған.

Абдулғафуўр ал-Кердерийдиң еки қызы болып, биреўин шайх Едебәлий[4]ге берген, Едебәлий заманының ең уллы шайхы болған.

Едебәлий Усманий мәмлекетиниң дүзилиўинде мәнаўий жетекши алым болған. Усман бийдиң баласы Ертуғрул Едебәлийдиң қызына үйленген.

Абдулғафуўр ал-Кердерийдиң екинши қызына Хайруддин ал-Қазый үйленген. Хайруддин ал-Қазый кейиншелик ўәзир болып Хайруддин Паша аты менен танылған.

«Исенимли рәўиятларда айтылыўынша, Султан Орхан ал Ғазый Изниқ қаласы ушын кәпирлер менен урыс алып барғанда, кәпирлер ҳәр тәрептен султанға қарай келе баслады, султан не қыларын билмей, бурын өзиниң қулы болған, кейиншелик әскербасы болған әсир Шаҳин менен мәсләҳәтлести. Ол қамал исин даўам еттириў керек екенин айтты. Сонда әмир Шаҳин: «Егер бул кәпирлерден қолға түсетуғын ҳәмме олжаларды маған беретуғын болсаңыз, мен олардың үстине басып бараман», дейди.

Султан бул усынысты қабыл етеди, әмир Шаҳин кәпирлердиң үстине басып барып, олардың әскерлерин жеңди. Кәпирлерден жүдә көп олжа қолға киргизилди.

Султан Орхан ал Ғазый қылған исинен қатты өкинди. Себеби енди ол олжалардан айырылған еди. Сонда султан Орхан ал Ғазый сол дәўирдиң ең үлкен уламасы Абдулғафуўр ал-Кердерийдиң алдына барып, әмир Шаҳин менен арасында болған ўақыяны ҳәм олжаларды оған бериўи ҳаққындағы гәпин айтып берип, бул бойынша фатўа сорайды. Сонда Мәўла Абдулғафуўр ал-Кердерий: «Ол сениң қулың ба ямаса азат еткенсең бе оны?», деп сорайды султаннан.

Султан Орхан ал Ғазый: «Оны азат еткенмен», деп айтады. Сонда Маўла Абдулғафуўр ал-Кердерий әмир Шаҳинниң ҳақына мәселени шешип береди ҳәм: «Қолға түскен олжалар Әмир Шаҳинниң ҳақы, оны алып қойыўың дурыс емес», деп айтады.

Султан Орхан ал Ғазый Абдулғафуўр ал-Кердерийдиң фатўасын қабыл етип, сол қаладан қолға киргизилген бәрше олжаларды әмир Шаҳинге береди. Әмир Шаҳин де өз нәўбетинде бул мал-мүликлерди саўаплы ислерге сарплайды. Әмир Шаҳин Бурса қаласында медресе, Кармастий ҳәм Зәўия қалаларында көпир қурдырады»[5].

Бираз ўақыттан кейин Ҳалабқа барып, ол жерде Ҳаддаддин медресесинде де мударрислик еткен. Ол мудамы қасына илими талиблерди жыйнап, сабақ берип келген. Оның атақлы шәкиртлеринен бири шайх Шиҳабуддин Әбул Фазл Муҳаммад ибн Юсуф Әлий ал-Ғазнаўий. Шайх Шиҳабуддин ал Ғазнаўий Абдул Ғафуўр ал Кердерийдиң алдында жүдә көп илимлерди ийелеген, Абдул Ғафуўр ал Кердерийдиң алдында «Ўақыят» китабын оқығаны ҳаққында «Жәўҳаратул Мудийя» китабының авторы былай деген: «Мен «Ўақыят» китабын көрдим, ол китапта Муҳаммад ибн Юсуф аты жазылған екен ҳәм онда ол китапты оқығаны, оны оқып таўысқаны, оны Абдулғафуўр ал Кердерийге ҳижрий 559-жылы 22-Шаъбан Сийшемби күни оқып таўысқаны жазылған екен»[6].

Султан Нуруддин Муҳаммад Зәнкий дәўиринде Ҳалабтың қазысы болған ҳәм сол жерде 562 Ҳ.(1166 м.) жылы қайтыс болған[7].

Абдулғафуўр ал Кердерий Ҳалабта қазы болған ўақты ҳаққында түрли китапларда көп ўақыялар жазылған. Солардан бирин төменде келтиремиз: «Жума күни Ҳалабтағы мешит адамлар менен тығылыс болып кететуғын еди. Шайх Әбул Ҳусайн жүзин кийим менен жаўып мешитке келди, таҳараттан қалған суў сақалында көринип тур еди. Ол минбардың қасында отырды. Намаз оқып болынғаннан кейин адамлар Шайх ҳаққында еки топарға бөлинип алды. Бир топар адамлар Шайх Әбул Ҳусайнды намаз оқыды, десе, екинши топар намаз оқымады, дер еди. Биринши топар Шайх Әбул Ҳасан имам менен руку ҳәм сәжде етти, бирге намаз оқыды, деп ант ишти, екинши топар, ол намаз оқымай қуры отырды, деп ант ишти.

Бул еки топар адамлар Тажуддин ал Кердерийдиң алдына барып усы мәселени яғный, енди қайсы топар ишкен анты ушын каффарат төлеўи керек екенин сорады. Имам Тажуддин ал Кердерий сол дәўирде Ҳалаб қаласында фатўа ҳәм қазылық ислерин басқаратуғын еди. Адамлар өзлериниң мәселесин Тажуддин ал Кердерийден сорады. Тажуддин ал Кердерий: «Сизлер Шайх Әбул Ҳусайнның алдына барың, оннан дурысын сорап алың, ол бул бойынша сизлерге туўры жолды көрсетеди», деди. Адамлар Шайх Әбул Ҳусайн раҳматуллаҳи алайҳке барып жағдайды айтты ҳәм кимлердиң анты қәте болғанын ҳәм соған көре кимлер каффарат төлеўин сорады, Шайх Әбул Ҳусайн намаз оқымады дегенлерге қарап: «Сизлер мениң намаз оқығанымды көрдиңиз бе?», деди, олар: «Яқ», деп жуўап берди. Шайх оларға: «Сизлер кете бериң, антыңыз бузылмаған», деди. Намаз оқыды деп ант ишкенлерге қарап: «Сизлер мениң намаз оқығанымды көрдиңиз бе?», деп сорады. Олар: «Аўа», деп жуўап берди. Шайх оларға: «Кете бериң, сизлер де антыңызды бузбадыңыз», деди. Олар ҳәммеси Тажуддин Кердерийдиң алдына қайтып барып жағдайды айтты, сонда Имам Кердерий: «Шайх Әбул Ҳусайн дурыс фатўа берипти», деген екен»[8].

Ол Ҳанафий мәзҳабында фиқҳ ҳәм усулул-фиқҳ тақырыпларында бир неше китаплар жазып қалдырған ҳәм танымал фиқҳ китапларына шарҳ жазған.

Жерлесимиз Әбиўл Мәфәхир Абдул Ғафуўр ал Кердерийдың төмендеги китаплары бар екенлиги айтылған:

1. “Ал-Муфийд ўал-мәзийд фий шәрҳит-Тәжрийд”. Бул китап оның устазы Әбиўлфазл Абдураҳман ибн Муҳаммад ал-Кирмәнийдың «Тәжрийд» китабына жазған шарҳы. Китап үш томнан ибарат.

Кәфәўийдиң жазыўынша оның қолында бул китаптың екинши томынан бир нусхасын бар болып, китап «Әл-Мәзийд ўәл-муфийд» деп аталған екен. Ол Абдулғафуўр Кердерийдың шәкирти шайх Шиҳабуддин Әбиўлфазл Муҳаммад ибн Юсуф Әлий ал-Ғазнаўийдиң қолы менен көширилген. Бул нусха «Никаҳ» китабы менен басланып «Ширкәт» китабы менен таўсылған.

2. «Шарҳ ал-жәмиъ ал-кәбийр лиш шайбаний».

3. «Шарҳ ал-жәмиъ ас-соғийр лиш шайбаний».

4. «Ҳайратул-фуқаҳа фил мәсәили әлләтий таҳаййро фаҳмуҳал улама»». Бул китапта фиқҳий мәселелер келтирилген болып, олар фиқҳ китапларының баплары тийкарында тәртипке салынған. Бирақ бул китаптың парықлы тәреплери сонда, оған киргизилген мәселелер оларды шешиўде фақихларды ҳайран қалдыратуғын ҳәм алымлардың жуўап бериўинде қыйнап қоятуғын дәрежеде жоқары жазылғаны болған. Имам Кәфәўийдиң айтыўынша, бул китап сол дәўирде қолдан қолға өтип жүдә атақлы болған.

5. «Шаҳруз Зиядат». Бул да имам Шайбаний раҳматуллаҳи алайҳтиң фиқҳқа арналған китабының шарҳы.

6. «Усулул-фиқҳ». Бул китап «Усулул-Кердерий» аты менен де жүритиледи.

7. «Ал-Интисор ли Әбий Ҳанийфа фий ахбәриҳи ўә ақўәлиҳи» (Хабарлары ҳәм сөзлери бойынша Әбиў Ҳанийфаның утысы)[9].

Пайдаланылған дерек ҳәм әдебиятлар:

  1. Хойруддин Зириклий «Ал-Аълам». Дамашқ, «Дәрул илм» баспаханасы, 2002-жыл. 4-том,
  2. Ташкөпирзада «Аш Шақоиқун Нуъмания». Бейрут, «Дәрул кутубул арабия» баспаханасы, 2012-жыл. 140-бет
  3. Абдулқодир ибн Муҳаммад Қураший «Жәўҳәротул мудийя фий тобәқотил ҳанафийя». Ар Рияд, «Дәрул иҳяул кутубул арабийя ўә Дәрул улум» баспаханасы, 5-томлық китап. 1978-1988-жыллары баспадан шыққан.
  4. Исмайыл Пашша Бағдадий «Ҳидаятул ъарифийн». Истамбул, 1951-жыл, 1800-бет.
  5. Абдулҳай Ләкнаўий «Ал фаўаидул бәҳийя» . Қаҳира, «Ас саъада» баспаханасы, 1906-жыл, 263-бет.
  6. Ибн Адийм «Буғятут толаб фий тарийхи ҳалаб». Бейрут, «Дәрул фикр» баспаханасы, 2008-жыл 5863-бет.
  7. Муҳаммад ибн Аҳмад аз Заҳабий «Сияру Аъламун нубала». Бейрут, «Бәйтул әфкәр» баспаханасы, 2004-жыл, 4683-бет.
  8. Ибн Қутлы Буға «Тәжут тарожим». Бейрут, «Дәрул қолам» баспаханасы, 1992-жыл, 567-бет.
  9. Ҳажы Халийфа «Кашфуз зунуўн». Бейрут, «Дәру иҳяит туросил арабийя», 2006-жыл, 1123-бет.
  10. Абдулҳай ибн Аҳмад «Шәзәротуз зәҳәб», Бейрут, «Дәру Ибн Кәсийр» баспаханасы. 1986-жыл, 5802-бет
  11. Абдулҳаким Жузжаний «Ислом ҳуқуқшунослиги». Ташкент, «Ташкент Ислом университети» баспаханасы, 2002-жыл, 256-бет.


[1] Айырым дереклерде Абдулғофуўр емес, Абдулғоффар, деп айтылған. «Ҳидаятул арифийн»

[2] Айырым дереклерде әкесиниң аты Луқман емес, Нуъман деп айтылған.

[3] خير الدين الزركلي «الاعلام» دمشق, دار العلم ٢٠٠٢ م ٣٢ ص

[4] Арабшада Әдиб Әлий, делинген, түркшеде Едебәлий, делинген.

[5] تاشكوبر زاده «ذيل الشقائق النعمانية في علماء الدولة العثمانية » بيروت, دار الكتب العربية. ٢٠١٢ م, ٩ ص   https://al-maktaba.org/book/6723/6#p1

[6] عبدالقادر بن محمد القرشي «جوهرة المضية في طبقات الحنفية» الرياض, دار الاحياء الكتب العربية و دار العلوم, ١٩٧٨-١٩٨٨م, ٤-ج ٤١١ص

[7] Базы дереклерде 552-жылы қайтыс болған делинген.

[8] ابن العديم «بغية الطلب في تاريخ حلب», بيروت, دار الفكر, ٢٠٠٨م ٤١٦ص

[9] خير الدين الزركلي «الاعلام» دمشق, دار العلم ٢٠٠٢ م ٥٣١ ص

Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институти докторанты,

Муҳаммад ибн Аҳмад Ал-Беруний ислам билим журты оқытыўшысы  Абдурахман Идрисов