MUHAMMMAD IBN AHMAD AL-BERUNIY” ORTA ARNAWLĺ ISLAM BILIM JURTĺ

Bilim jurtında talabalar zaman talaplarına say bilim alıwı ushın barlıq qolaylıqlar jaratılǵan. Atap aytqanda, eǹ zamanagóy oqıw quralları menen támiyinlengen oqıw xanaları, málimleme-resurs orayı, dáretxana, asxana, jataqxana, sport zalı, mini futbol maydanshası, salamatlıq xanası, shashtárezxana bar.

“Quranı kárim hám tájwid” pullı oqıw kursları

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Diniy-aǵartıwshılıq tarawınıń jumısın túpkilikli jetilistiriw ilajları haqqında”ǵı 2018-jıl 16-apreldegi PP-5416-sanlı Pármanı menen tastıyıqlanǵan ilajlar Baǵdarlamasınıń 6-bántinde belgilengen wazıypalardıń orınlanıwın támiyinlew maqsetinde Ózbekstan musılmanları mákemesiniń 2018-jıl 30-apreldegi 01A/056-sanlı buyrıǵı tastıyıqlanǵan. Usı múnásibet penen Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy medresesinde 2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Málimleme resurs orayı

Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta arnawlı islam bilim jurtınıǹ málimleme resurs orayı fondında jámi 17756 kitap saqlanbaqta. Sonnan, 1505 ulıwma bilimlendiriw ádebiyatları, 4085 arnawlı pánlerden sabaqlıqlar, 764 sociyallıq-ekonomikalıq ádebiyatlar, 7340 ilimiy-ǵalabalıq ádebiyatlar, 919 elektron ádebiyatları quraydı.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

Шәмсул әиммә Муҳаммад ибн Абдуссаттар ал Кердерий

«Муҳаммад ибн Абдуссаттар ибн Муҳаммад[1] әл-Имәдий әл-Кердерий әл-Баратқиний[2]. Насабындағы бабасына нисбат берилип Имадий, делинген. «Тәжул арус» китабында Әбиў Абдуллаҳ[3], деген кунясы айтылған. «Ҳилятул башар» китабында Әбиў Абдуссаттар[4] деген кунясы айтылған.

Туўылған жери Баратқин. Кердер ўәлаятының Баратқин[5] аймағы. Ҳәзирде Қарақалпақстан территориясына киреди. 559-ҳижрий (1163 м.) жылы Зулқаъда айының 18-сәнесинде туўылған. «Басқа дерек «Тарийхи Моллазада» китабында 560-жылы туўылған делинген»[6].

Бул киси жүдә илимли адам болғанлықтан «Шәмсул әиммә», деп сыпатланған, яғный «Имамлардың қуяшы», дегени. Кунясы Әбул Ўажд, яғный Ўаждтиң әкеси, дегени.

Әбул Ала Фаразий ол киси ҳаққында былай деген: «Муҳаммад ибн Абдуссаттар имамлардың мутлақ устазы, оның алдына илим алыў ушын ҳәмме жерден талабалар келеди».

Жаслық дәўиринен илимге қызығып, Хорезмге барған ҳәм ол жерде Имам Замахшарийдиң шәкирти «Муғриб» ҳәм «Шарҳул-Мақомот» китапларын жазған шайх Бурҳануддин Насир ибн Әбул Мәкәрим Абдуссаййид ибн Әлий әл-Матризийдиң қолында оқыған[7].

Хорезмнен кейин Маўарауннаҳр тәрепке жол алған. Самарқанд қаласына барып «Ҳидая» китабын жазған уллы алым Шайхул ислам – Бурҳануддин Марғинаный[8]ден ҳәм «Ширъатул-исләм» китабын жазған «Имам зада» деп танылған шайх Мажидуддин әл-Маҳҳад ас-Самарқандийден фиқҳ илимин үйренген, сондай-ақ олардан ҳәдис сабақларын да алған.

Шәмсул әиммә Кердерий кейин Бухараға келип бир қатар танымал алымлар, солардан, аллама Бадруддин Умар ибн Абдулкәрийм Ўәрсакий, Шайх Шарафуддин Әбиў Муҳаммад Умар ал Ақийлий, Қазы Имадуддин Әбиў Аъла Умар ибн Бәкир ибн Муҳаммад әз-Заранжарий, Зәҳид Зайнуддин Әбул Қасым Аҳмад ибн Муҳаммад ибн Умар Аттабий, Шайх Нуруддин Әбиў Муҳаммад Аҳмад ибн Маҳмуд ас-Сабуний әл-Бухарий, Имам Фахруддин Әбул Маҳасин Ҳасан ибн Мансур Қазыхан[9], Шайх Қутбуддин Әбул Фатҳ Муҳаммад ибн Муҳаммад ибн Усман ас Сарахсий, Шайх Имадуддин Әбул Муҳамид Маҳмуд ибн Аҳмад ибн Ҳасан ал Фарябий, Шайх Шамсуддин Әбул Фадл Исмайыл ибн Муҳаммад ибн Сулайман ас Салафий, Маждуддин Самарқандий, Бурҳануддин Марғинаный ҳәм басқалардан дин илимлерин тәфсир ҳәм ҳәдис илимин үйренген.

Ол киси ҳаққында «Тарийхи Моллазада» китабында былай делинген: «Рәўият етилиўинше, Мәўлана Шамс ул-Аима раҳматуллаҳи алайҳ былай деген екен: балалық ўақтымнан үлкейгениме шекем Аллаҳ таала мени өзиниң исмат ҳәм иппет пердеси менен өз қорғаўына алды, сонлықтан менде ҳеш бир гүна кабира болмады. Тосаттан меннен тәрки әдеплик болса, сол ўақытта мени әдеби ғайбий менен туўрылар еди. Бир күни Хожа Әбиў Ҳафс раҳматуллаҳи алайҳиниң қәбири қасында едим, әдетиме көре, ўитр намазын түнниң ақырында оқыў мақсетинде турған едим, еңкейип сәжде етип атырғанымда мени уйқы басты ҳәм уйқылап қалыппан, оянғанымда таң атқан екен, ўитрди қаза етип қойдым. Таң намаз оқыў ушын, қала дәрўазасына киргенимде, балалалар ойнап жүрген екен, сонда бир жас бала мениң алдыма келип былай деди: «Шамс Кардарий! Уйқылап қалыў ҳәм ўитр
намазын қаза етиў бул қандай батырлық болды?», деди. Сонда билдим, мени бул сөзлер менен сабаған илаҳий әдеп қамшысы екен»[10].

Шәмсул әиммә Кердерий мәзҳабты билиўде жүдә шебер болған. Қазы Әбиў Зайд ад Дабусий ҳәм Шамсул әиммә ас Сарахсийлердиң заманынан кейин Усулул фиқҳ ҳәм фиқҳ илимлерин тирилткен, яғный бул илимлер бойынша ең үлкен улама болған.

Оннан сабақ алыў ушын жүдә көп талабалар қасына келген. Солардан Бадруддин Муҳаммад ибн Маҳмуд ибн Абдулкәрийм ал Кердерий, бул киси Муҳаммад ибн Абдуссаттар Кердерийдиң әжапасының баласы болғаны ушын Хохар зада, деп танылған, шайхлар шайхы Сайфуддин Әбул Маъалий Саъийд ибн ал Музҳир ибн Саъийд ал Бахарзий[11], Шайх Сирожуддин Муҳаммад ибн Аҳмад ал Қурайший, Имам Ҳафизуддин ал Кәбийр Әбул Фадл Муҳаммад ибн Муҳаммад ибн Наср ал Бухарий[12], Муҳаммад ал Маймарғий, Ашроф ибн Муҳаммад Әбул Фадл Кошоний[13], Муҳаммад ибн Муҳаммад Марғияний, Муҳаммад ибн Умар Нуўҳабазий Бухарий ҳтб. Имам Шамсул әимма Кердерийден Әбул Баракат ан Насафий де жаслығында мәлим ўақыт сабақ алған, кейин Насафий Хоҳарзада Кердерийден сабақ алған.

642-ҳижрий жылы 9-муҳаррам (1244 жыл 18 июнь) жума күни Бухарада қайтыс болған ҳәм қаладан ярым фарсах узақлықтағы Сабзамун қәбирстанында устазы Әбиў Муҳаммад Абдуллаҳ ибн Муҳаммад ибн Яъқуб Ҳарисий ас-Сабзамуний қәбириниң қасына жерленген»[14].

Шәмсул әиммә Кердерий мудамы илим талабында жүрип, бунда жүдә тырысқақ болған. Ол алымлардың сәўбетинде болып, көп мәжилислерине қатнасқан. Тарийх китапларында оның көп устазларының аты келген. Ол тәфсир, ҳәдис, әсиресе, Ҳанафий мәзҳабы фиқҳи бойынша уллы алым болған.

Оннан жүдә көп талиби илимлер сабақ алған. Дереклерде ол киси жазып қалдырған мына еки китап көрсетилген:

1. «Таъсисул-қоўаъид». Бул китап кәлам илимине тийисли болып, Ҳажы Халифаның айтыўынша, Пайғамбарлардың маъсум, яғный гүналардан пәк екени ҳаққындағы китап.

2. Лакнаўийдиң айтыўынша, ол және Ғаззалыйға рәддия жазған екен. Мәлим болыўынша Ғаззалий «Әл-Манхул» деген китабында мәзҳаб мужтаҳидлери ҳаққында айтып, Әбиў Ҳанифа ҳаққында қәте сөзлерди айтқан. Шәмсул-әиммә Кердерий Имам Ғаззалийдиң бул сөзлерине рәддия сыпатында сол китапты жазған екен.

Имам Ләкнәўийдиң «Әл Фәўәид» китабында бул китап ҳаққында былай делинген: «Бул жүдә шырайлы, нәфийс, өз ишине уллы мәселелерди жәмлеген бир рисала. Бирақ бунда айырым темаларында имам Шәфеий ҳәм оған ергенлер ҳаққында базы унамсыз гәплер созылып кеткен, лекин бул гәплер Ғаззалийдиң имам Әбиў Ҳанийфа ҳаққында унамсыз гәплерине қарағанда жүдә аз. Бул китаптың бир нусқасының сыртында айырым исенимли адамлардың жазыўы менен уламаның өмир баяны жазылғанын көрдим»[15].

Бул китаптың бир неше атлары бар: «Ал Ҳаққул Мубийн фий дафъи шубуҳатил мубаттилийн», «Ас сайфул маслуўл фир родди ъала соҳибил матҳуўл», «Ад дурратул манфийяту фий интисорил имам ал аъзам Әбий Ҳанийфа»[16].

Имам Бағдадийдиң «Ҳидаятул арифийн» китабында бул китаптың аты: «Ар родду ўал интисору ли Әбий Ҳанифата имаму фуқоҳаил амсор», деп айтылған[17].

Шығыс таныўшы алым Әширбек Муминов арқалы Германия қол жазбалар китапханаларынан бул китаптың бир нусха микрофилми алып келинген. Бул нусханы Ташкент ислам университети үлкен оқытыўшысы Азат Сәрсенбаев үйренип шығып мына жуўмаққа келди: “Китап Лакнаўий айтқанындай Ғаззалийдиң «Әл-Манхул» китабында жазған сөзлерине рәддия болып, ол бас сөз ҳәм алты баптан ибарат.

Бирақ қызық тәрепи, автор бул китапты Ҳалаб қаласына келгеннен кейин жазғанын айтқан. Усы ҳәм басқа да дәлиллерди есапқа алғанда биз бул китапты Шәмсул-әиммә Муҳаммад ибн Абдуссаттар әл-Кердерий емес, ал Тәжуддин Абдулғафур ибн Луқман әл-Кердерий жазған болыўы мүмкин, деген пикиримиз де бар. Себеби, алдын айтып өткенимиздей, Тәжуддин әл-Кердерийдиң де «Шәмсул-әиммә» деген лақабы болған. Қалаберди Муҳаммад әл-Кердерийдиң Ҳалабқа барып ол жерде жасағаны туўрысында мағлыўмат жоқ.

3. «Китабу фий ҳалли мушкилаатил қудурий»[18]. Қудурий бул – ислам ҳуқықтаныўшылығына тийисли китап. Имам Кардарийдиң бул китабы Қудурий китабындағы қыйын мәселелердиң шешимине арналған.

4. «Шарҳу мунтахобил ҳассамий»[19]. Усули фиқҳқа тийисли китап. Бул китап Муҳаммад ибн Муҳаммад ибн Умар Ҳисамуддин ал Аҳсикентийдиң китабы. Бул китап «Мухтасару Ҳисамуддин», деп те аталады.

Шәмсул-әиммә Муҳаммад Кердерийдиң китаплары аз болыўына қарамастан, ол жүдә үлкен әҳмийетке ийе китаплардың бизлерге жетип келиўине себепши болған. Мысалы, Әбиў Мансур Матуридийдиң «Тәўиләти әҳлис-суннә» китабының Ташкент нусхасының ҳәм Бурҳануддин Марғинанийдиң «Ҳидая» китабының бизлерге шекем жетип келиўинде үлкен хызмет көрсеткен»[20].

Шамсул әимма Кердерий раҳматуллаҳа алайҳ Ҳанафий мәзҳабының ең үлкен устазларынан болған. Буны ол кисиниң фиқҳ илими бойынша ижаза ишиндеги уламалар қатарында бар екенинен билип алсақ болады. Ижаза төмендегише:

«Алауддин Әлий Афандий ал Муўсилий, ол аллама Муҳаммад Нәжийб Афандий ибн Аҳмад ал Қалъий Ҳанафийден алған, ол Шайх Мустафа Раҳматий Айюбий Ҳанафийден алған, ол аллама Шиҳаб Аҳмад ибн Әлий ал Мунийний Ҳанафийден алған, ол Сәййид ариф биллаҳи таала Шайх Абдулғаний ан Наблусий Ҳанафийден алған, ол әкеси Шайх Исмайыл ан Наблусий Ҳанафийден алған, ол Шайхайн Аш Шиҳаб Аҳмад аш Шаўбарий Ҳанафийден алған, Бул кисиниң «Ҳашияту шарҳуд дурар», деген китабы белгили китабы бар. Бир рәўиятта ол Сирож Умар ибн Нажмден алған, оның «Наҳрул фаиқ», деген китабы бар, екинши рәўиятта шайх Абдуллаҳ ат Раҳририй, бул екеўи де шайх Аҳмад ибн Юнус аш Шалабийден алған. Оның белгили фатўалар топламы бар. Ол киси Абдулбарр ибн Шаҳнадан алған, ол Ўаҳбания китабын шарҳ еткен. Ол Камал ибн Ҳумамдан алған, ол «Фатҳул қодийр» китабын жазған. Ол Сирождан алған, ол Қориул ҳидая, деп аталған. Ол шайх Алауддин ас Сайрамийден алған, ол Сәййид Жалаладдин ал Кәбийрден алған, ол имам Әбиў Абдуссаттар Муҳаммад ал Кердерийден алған. Ол Бурҳануддин Әлий ал Марғинанийден алған, оның «Ҳидая» атлы китабы бар. Ол Фахрул ислам ал Баздаўийден алған, ол Шамсуд әимма ал Ҳалўанийден алған, ол қазы Әбиў Әлий ан Насафийден алған, ол имам Әбиў Бәкир Муҳаммад ибн Фадл ал Бухарийден алған, ол имам Әбиў Абдуллаҳ ас Сизмунийден алған, ол әмир Абдуллаҳ ибн Әбиў Ҳафс ал Бухарийден, ол әкесинен алған. Ол имам Муҳаммад ибн Ҳасан аш Шайбанийден алған. Ол имам Аъзам Әбиў Ҳанифа ан Нуъман ибн Сабит бин Зутий ибн Маҳтан алған. Бул киси мәзҳабымыз саҳиби разыяллаҳу таала анҳу. Ол Ҳаммад ибн Зайдтен алған. Ол Ибраҳим ан Нахаъийден алған. Ол Алқама ибн Әбиў Ўаққастан алған, ол уллы саҳаба Нәбий алайҳиссаламның саҳабасы Абдуллаҳ ибн Масъуд разыяллаҳу анҳудан алған. Ол махлуқатлардың илимлиси, Ҳақтың ҳабийби Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламнан алған. Ол Роббул кәрийм, Роуўфур роҳийм, Роббул аламийннен алған»[21].

Ҳәмме дәўирде болғаны киби Имам Шамсул әимма Кердерий жасаған дәўирде де уллы имамларға тил тийгизиў, оларды абройсызландырыўға урыныў көп болған. Буннан мақсет әлбетте мусылманлардың бирлигин, тынышлығын бузыў болған. Сол дәўирде де, Имам Әбиў Ҳанийфа раҳматуллаҳи алайҳтиң абройын аяқ асты етиўге урыныслар болған. Сонда Шамсул әимма Кердерий Имам Әбиў Ҳанийфаны ҳәм ол кисиниң тутқан жолының туўрылығы бойынша китаплар жазған ҳәм үлкен тартысларда мәзҳаббасымызды мудамы қоллап қуўатлаған. Халықтың ишинде фитна көтермекши болғанлардың исин раўажландырмаған, оларға қатаң тәризде гүрескен. Соның ушын да Шамсул әимма Кердерийдиң Әбиў Ҳанийфа раҳматуллаҳи алайҳ ҳаққында жазған китабы жүдә белгили ҳәм бир неше атлар менен аталған.

Имам Шамсул әимма Кердерий Ислам әлеминде фиқҳ илимин қайта жанландырған ең уллы улама сыпатында қаралады. Бурҳануддин Марғинаныйдың «Ҳидая» китабын Шамсул әимма Кардарий адамларға жеткерген[22], яғный бул киси арқалы адамларға тарқалған. Оның шәкирлери пүткил ислам әлеминде фиқҳ илиминиң раўажланыўында үлкен үлес қосқан ҳәм ҳәммеси Имам Кердерийди уллы устаз сыпатында қәдирлеген.

Пайдаланылған дерек ҳәм әдебиятлар:

  1. «Ал-Жәўҳәротул мудийяҳ фий тобәқотил ҳанафийя»
  2. «Сияр Аъләмун Нубәлә» Имам Заҳабий
  3. «Ғароибул иғтироб» Әлуўсий
  4.  «Шәзәротуз зәҳәб»
  5. «Ҳидаятул арифийн»
  6. «Ал Қомуўсул муҳийт»
  7. «Ислам ҳуқықтаныўшылығы» Абдулҳаким Жузжаний
  8. «100 Марказий Осиё мутафаккирлари»
  9. «Ал Ўафий бил ўафият»
  10. «Луббул албаб фий таҳрийрил ансаб» Имам ас Суютий
  11. Аҳмад ибн Маҳмуд Бухарий «Тарийхи Моллазада», Ташкент, 2009-жыл «Янги аср авлоди» баспаханасы.

[1] Бағдадийдиң «Ҳидаятул ъарифийн» китабында Муҳаммад ибн Муҳаммад ибн Абдуссаттар, деп жазылған.

[2] الكتاب: الوافي بالوفيات. المؤلف: الصفدي ١ج ٣٩٩ ص

[3] تاج العروس من جواهر القاموس المؤلف: محمّد بن محمّد بن عبد الرزّاق الحسيني، أبو الفيض، الملقّب بمرتضى، الزَّبيدي الناشر: دار الهداية ١٤ج ٣٥ ص

[4] حلية البشر في تاريخ القرن الثالث عشر المؤلف: عبد الرزاق بن حسن بن إبراهيم البيطار الميداني الدمشقي الناشر: دار صادر، بيروت الطبعة: الثانية، 1413 ه٣٤٢ ص

[5] «Жәўҳаратул мудийя» китабында «Баранийқ», деп айтылған.

[6] Аҳмад ибн Маҳмуд Бухарий «Тарийхи Моллазада», Ташкент, 2009-жыл «Янги аср авлоди» баспаханасы, 50-бет.

[7] أنبأني بترجمته أبو العلاء الفرضي، الكتاب: سير أعلام النبلاء

[8] Бурҳануддин Марғинаный – Әбулҳасан Әлий ибн Әбиў Бәкир ибн Абдулжалил Фарғаний Марғинаный 1123-жыл 23-сентябр, Риштан аймағы, Даҳбет аўылында туўылған. Ҳанафий мәзҳабының уллы фақиҳи. Дәслеп әкеси Әбиў Бәкир ибн Абдулжалилден, соң Симам Баҳауддин Әли ибн Муҳаммад Асбижабий қолында тәлим алған. Риштан, Марғилан, Бухара, Самарқанд ҳәм Маўарауннаҳрдиң басқа да қалаларында тәлим алып, ҳанафия мазҳабының уллы фақиҳи сыпатында танымал болған. Шайхулислам деген лақабты алған. Бурҳануддин Марғинаный 1197-жылы 29-октябрьде қайтыс болған ҳәм Самарқанд қаласындағы Шакардиза қәбирстанына жерленген. Бурҳануддин Марғинаный фиқҳ бойынша тийкарғы китабы «Бидаят ул-мубтадиъ» («Баслаўшылар ушын қолланба»)ны жазған. Бул китап қысқа болғаны, оннан әмелий тәрептен пайдаланыў қыйын болғаны себепли, Бурҳануддин Марғинаныйдиң өзи 8 томлы шолыў жазады ҳәм оны «Кифаят ул-Мунтаҳий» («Жуўмақлаўшылар ушын жетерли»)ни жазады. Кейиншелик бул китабы тийкарында «Китабул-Ҳидая» («Туўры жол»)ды жазады (1178-жыл).

[9] «Фатаўаи Қазыхан» китабының авторы, Фахруддин Қазыхан раҳматуллаҳи алайҳ

 الكتاب : الجواهر المضيئة في طبقات الحنفية١ ج ١٥٨ ص

[10] Аҳмад ибн Маҳмуд Бухарий «Тарийхи Моллазада», Ташкент, 2009-жыл «Янги аср авлоди» баспаханасы, 50-бет.

[11]  Бул киси Бухарада жасаға әўлия кисилерден болған. Салаҳатдин Ташкентийдиң гәпине қарағанда Әмир Темурдың анасы Тегина хатун Бохарзийдиң қызы болған.

[12]  تاريخ الإسلام للإمام الذهبي ٧٧ف ٧ص

[13]  الكتاب : الجواهر المضيئة في طبقات الحنفية  ١ ج ١٢٣ ص

[14]  الجواهر المضيئة في طبقات الحنفية ٢ ج ٨٣ ص

[15] الفوائد البهية للكنوي ١٧٧ ص

[16] ابن قطلوبغا : تاج التراجم 47 ، 48 ، اللكنوي : الفوائد البهية  الكتاب : معجم المؤلفين عمر كحالة

[17] الكتاب : هدية العارفين ٢ج ١٢٢ ص

[18]  الكتاب : هدية العارفين ٢ ج ١٢٢ ص

[19] الكتاب : معجم المطبوعات

[20] Абдулҳаким Жузжанийдиң «Ислам ҳуқықтаныўшылығы» китабы

[21] الكتاب: غرائب الاغتراب ونزهة الألباب في الذهاب والإقامة والإياب المؤلف: شهاب الدين محمود بن عبد الله الحسيني الألوسي ١٣٤ ص

[22] الجواهر المضيئة في طبقات الحنفية١ ج ٢٩٥ ص

Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институти докторанты,

Муҳаммад ибн Аҳмад Ал-Беруний ислам билим журты оқытыўшысы Абдурахман Идрисов