IBN AHMAD AL-BERUNIY” ORTA ARNAWLĺ ISLAM BILIM JURTĺ

Bilim jurtında talabalar zaman talaplarına say bilim alıwı ushın barlıq qolaylıqlar jaratılǵan. Atap aytqanda, eǹ zamanagóy oqıw quralları menen támiyinlengen oqıw xanaları, málimleme-resurs orayı, dáretxana, asxana, jataqxana, sport zalı, mini futbol maydanshası, salamatlıq xanası, shashtárezxana bar.

“Quranı kárim hám tájwid” pullı oqıw kursları

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Diniy-aǵartıwshılıq tarawınıń jumısın túpkilikli jetilistiriw ilajları haqqında”ǵı 2018-jıl 16-apreldegi PP-5416-sanlı Pármanı menen tastıyıqlanǵan ilajlar Baǵdarlamasınıń 6-bántinde belgilengen wazıypalardıń orınlanıwın támiyinlew maqsetinde Ózbekstan musılmanları mákemesiniń 2018-jıl 30-apreldegi 01A/056-sanlı buyrıǵı tastıyıqlanǵan. Usı múnásibet penen Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy medresesinde 2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Málimleme resurs orayı

Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta arnawlı islam bilim jurtınıǹ málimleme resurs orayı fondında jámi 17756 kitap saqlanbaqta. Sonnan, 1505 ulıwma bilimlendiriw ádebiyatları, 4085 arnawlı pánlerden sabaqlıqlar, 764 sociyallıq-ekonomikalıq ádebiyatlar, 7340 ilimiy-ǵalabalıq ádebiyatlar, 919 elektron ádebiyatları quraydı.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

ТЫНЫШЛЫҚТЫ АСЫРАЎ ДӘЎИР ТАЛАБЫ

Тынышлығымызды жәнеде беккемлеў, муқаддес динимиздиң пәклигин асыраў дәўир талабы. ХХI әсир – қыйын әсир болды. Ҳәзирги әсиримизде ең аўыр машқала бул – экстримизм, терроризм әсиресе ең үлкен гүнә бул муқаддес динимизди нықап қылып алып, түрли жерлерде болып атырған аяўсыз адам өлтириў, қалаларды ўайран қылыў ҳәм бәрше бузғыншылықлар.

 Аллаҳ таала Қураны кәриймде жер бетин абат қылыңлар деп буйырады. Буның мысалы журтымыз күннен-күнге абат болып, мусылманшылық та, берекет те ҳәмме-ҳәммеси бизде. Буның менен бизлер қанша шүкир қылсақ арзыйды. Себеби, муқаддес динимиз пәк дин, халық пәрўар, тынышлықты сүйетуғын дин. Бул дин ҳеш ўақытта да қан төгиўди жақламайды. Бир инсанның өлимине себепши болған инсанды, пүткил инсанияттың өлимине себепши болып гүнә дәрежесине көтерген дин ҳеш ўақытта инсан түўе, ҳәтте ҳайўанға да азар бериўден қайтарып келген.

Глоббаласыў дәўири тез пәт пенен түс алған  бүгүнги дүньяда түрли идеалогиялық орайлар бар болып, олар жаслар аңын ҳәм дүнья қарасына тәсир өткизбеши. Оларды өз жолына салмақшы болады. Бундай шәрайытта өз тарийхын жақсы билген, миллий қәдриятларынан жақсы хабары бар болған миллет ҳәм халықларғана  түрли шақырықларға итибар бермейди. Таңлаған жолынан дәдил адымлап барабереди. Соның ушын жасларымыз жәҳәнди теңсиз ақыл-зәкаўаты менен лал қалдырған илим мәрийпатта белгили ата-бабаларымыздың мийрасын, мәселен Имам Матрудийди билсе, Имам Бухарыйды билсе ҳеш қашан бундай жолға кирмейди. Себеби, китап оқыған илим-мәрийпаттан хабары бар адам, бундай жаман ислерге қол урмаслығы анық.

Әмир Темур бабамыз айтқанындай: “Китап бәрше бүнядкәрлық, жаратыўшылық ҳәм илимниң тийкарыдур. Турмысты үйретиўши тәрбияшы”, деп айтып өткен. Ата-бабаларымыз, китап оқыўға ҳәмийше ең зәрүр ўазыйпа сыпатында қарап, илим үйрениў, китап жазыў барысында тарийхымыз даўамында басқаларға өрнек болған. Қураны кәриймниң ең биринши назыл болған аяты «Оқы» деген буйрық болған. Тарийхтан бизге белгилии, алдын Яссаўий, Бедил, Фезулий, Махтымқулы, Мәшраб ғәзеллерин ядтан билмеслик ар саналған. Ҳәдийси шәрийфте: Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламнан Аббас разыяллаҳу анҳу сорады: Ҳәй Расулуллаҳ бизлерге бир дуўаны айтың ол дуўа бизлерге тән болсын. Сонда Пайғамбарымыз: Ҳәй Аббас ҳәм оның шаңарағы Аллаҳтан аман-есенлик сораң! Аман-есенлик нематына тең келетуғын немат жоқ деди. Аман-есенликти сорайық, динимизде, дүньямызда аман-есенлик, шаңарағымызда, кәсибимизде аман-есенлик, журтымызға, миллетимизге аман-есенликти Аллаҳ тааладан сорайық ҳәм ҳәмме мөмин-мусылманларға Аллаҳ тааладан аман-есенлик сорайық. Жаксылық қылайық Аллаҳ тааланың рахматы жақсыларға жақын. Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўасаллам да бул нематларға, аман-есенлик нематына шүкир кылыўға, тилимиз бенен дилимиз бенен денемиз бенен шүкир кылыўға буйырған.

Базы нематлар бар «Әлхамду лиллах» деп тил менен ол нематтың шүкирин орынлаған боламыз. Базы бир нематлар бар олардың шүкирин орынлаўымыз ушын тилди де, дилди де ҳәм денемизди де ислетиўимиз керек. Ол – тынышлық нематы. Қолымыздан келгенше жақсылық қылыўға ҳәрекет қылайық,

Нөкис Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы

ислам билим журты оқытыўшысы Упаев Туелбай