Бул киятқан әсир саған түсинбес.
Сөйлеспесең компьютер тилинде.
И.Юсупов
Ҳәзирги күнде биз интернет тармағы арқалы дүньяның қәлеген жериндеги басқа бир инсан менен биймәлел сөйлесе алыў имкәниятына ийемиз. Буннан тысқары биз қәлеген мағлыўматларды бирдемде аңсат таўып алыўымыз мүмкин. Илим излеп атырған, жаңалықларға қызығыўшы жасларымыз ушын интернет жүдә үлкен имкәниятларды береа лады.
Соның менен биргеликте интернет тармағы арқалы алданып қалып атырған жасларымыз ҳәм жоқ емес. Бул алдаўлар тек жасларымызды, бәлким, мийнет етпей аңсат жоллар менен пул табыўды қәлеп атырған еркеклер ҳәм ҳәттеки ҳаялларды да өзлерине тартып атырғанлығы ашынарлы ҳалат. Әлбетте, ҳәрбир инсан жақсы жасаўды арзыў қылады. Буған ерисиў ушын қыйыншылықларсыз, тезде ерисиў жолларын излей баслайды. Сол ўақытта мийнетсиз табылған дәрамат ҳеш қашан жақсылық алып келмеслигин умытып қояды. Аңсат пул табаман деп кимлердиңдур алдаўына ушып өзиндеги ең қымбатлы инсаныйлық қәдирин жойтып қойыў мүмкинлигин билмей қалады. Интернет арқалы инсанларды «үлкен пул ислеп алыўыңыз ушын имкәният» деп айтып атырғанлардың нийетлери не екенин билиў жүдә мүшкил. Олардың күлип турған жүзлери артында қандай жүз жасырынған екенин билмей турып шақырықларына аңсат разы болыўлық үлкен қәте. Мине усындай алдаўлар ҳәзирги күндеде ушыраспақта. Бул болса «адамсаўдасы» аты менен аталыўшы жынаяттың ҳәўиж алыўына тийкардур. Адам саўдасы ҳәзирги күнде пүткил дүнья ушын глобал машқалалардан бирине айланып үлгерди ҳәм ең дәраматлы дерек сыпатында белгиленди. Адам саўдасы менен шуғылланыўшы инсанлар басқалардың қәлбине жол табаалатуғын, алдаўға жүдә шебер адамлар. Бундай шахслардың дузағына түсип, өз Ўатанынан түрли жоллар арқалы шығып атырған еркеклер қулға, ҳаяллар болса жаман жолға кирип кетпекте. Алданғанлар олардың жеркенишли жаман нийетлерин билгени менен енди кеш болады. Себеби, енди алданғанлар өз журтларына емес, олардың шахсын тастыйқлаўшы ҳүжжетлери алдаўшылардың қолында болады. Сол жол менен олардың ҳәмме айтқанларын ҳешқандай пулсыз қылыўға мәжбүр болады. Бул инсанның еркине ҳәм инсаныйлығына қәўип есапланады. Дүньядағы бәрше Конституцияларда ең биринши болып шахстың еркинлиги қорғалады. Демек адам саўдасы менен шуғылланып атырған шахслар үлкен жынаятларға қол урып жеңил пул табыўды қәлемекте. Халықаралық экспертлердиң баҳалаўынша, дүнья бойынша адам саўдасынан түсетуғын жыллық дәрамат 7 млрд. АҚШ долларынан аспақта. Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң мағлыўматларына қарағанда, дүньяда ҳәр жылы 2 млн.700 мыңға жақын шахс, адам саўдасының қурбанына айланбақта. Ҳәр жылы 600 мыңнан 800 мыңға шекем ҳаяллар ҳәм балалар алдаў жолы менен шет еллерге алып кетилип сатылып жиберилмекте. Бул болса жүдә көп муғдардағы адамлар адам саўдасының дузағына түсип қалыпатырғанлығын көрсетеди. Биреўдиң мәжбүрий мийнети есесине пул таўып жақсы жасаўға ҳәрекет қылып атырғанлар олар тек ғана бул дүньядағы нызамларалдында емес, бәлким, Аллаҳ тааланың алдындада жуўап беретуғынлығы ҳәдисишәрифлерде айтып өтилген. Себеби, адам саўдасы менен шуғылланып атырғанлардың алдаўларына исенген адамларды қул қылып сатып пулын жейди яки оларды жумсап ҳеш қандай ҳақы бермейди. Пул табаман деп адам саўдасы менен шуғылланған адамлар бул дүньяда да, ақыретте де ең аўыр жазаларға дуўшар болар екен, бәршелеримиз бундай гүнадан жүдә абайлы болыўымыз лазым. Мәмлекетимиз тәрепинен әмелге асырылып атырылған сонша ҳәрекетлер ҳәм түсиндириў жумыслары алып барылып атырған болсада адам саўдасы менен шуғылланыў яки олардың дузағына билмей түсип қалдым деп айтыў үлкен қәте болады.
Нөкис Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний
орта арнаўлыислам билим журты оқытыўшысы Упаев Туелбай