Ҳәр қандай мәмлекеттиң тарийхый раўажланыў жолынан белгили, мәмлекеттиң тез пәт пенен раўажланыўы, белгили жетискенликлерге ерисиўи, халықтың пәраўан болыўы сол мәмлекетте жаслар тәлим-тәрбиясы ҳәм келешегине берилетуғын итибар дәрежесине тығыз байланыслы. Усы мәниде, Өзбекстанда жаслар мәселеси мәмлекет сиясатының ең баслы бағдарларынан бири есапланады.
Усы мүнәсибет пенен Нөкис Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында «Бәркамал әўлад» спорт беллесиўлериниң билим журты басқышы қатнасыўшылары спорттың “Теннис” ҳәм “Тас көтериў” жөнелислери бойынша өз ара беллести.