MUHAMMMAD IBN AHMAD AL-BERUNIY” ORTA ARNAWLĺ ISLAM BILIM JURTĺ

Bilim jurtında talabalar zaman talaplarına say bilim alıwı ushın barlıq qolaylıqlar jaratılǵan. Atap aytqanda, eǹ zamanagóy oqıw quralları menen támiyinlengen oqıw xanaları, málimleme-resurs orayı, dáretxana, asxana, jataqxana, sport zalı, mini futbol maydanshası, salamatlıq xanası, shashtárezxana bar.

“Quranı kárim hám tájwid” pullı oqıw kursları

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Diniy-aǵartıwshılıq tarawınıń jumısın túpkilikli jetilistiriw ilajları haqqında”ǵı 2018-jıl 16-apreldegi PP-5416-sanlı Pármanı menen tastıyıqlanǵan ilajlar Baǵdarlamasınıń 6-bántinde belgilengen wazıypalardıń orınlanıwın támiyinlew maqsetinde Ózbekstan musılmanları mákemesiniń 2018-jıl 30-apreldegi 01A/056-sanlı buyrıǵı tastıyıqlanǵan. Usı múnásibet penen Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy medresesinde 2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Málimleme resurs orayı

Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy” orta arnawlı islam bilim jurtınıǹ málimleme resurs orayı fondında jámi 17756 kitap saqlanbaqta. Sonnan, 1505 ulıwma bilimlendiriw ádebiyatları, 4085 arnawlı pánlerden sabaqlıqlar, 764 sociyallıq-ekonomikalıq ádebiyatlar, 7340 ilimiy-ǵalabalıq ádebiyatlar, 919 elektron ádebiyatları quraydı.

Kurslar

2018-jıl 10-iyunnan baslap “Quranı kárim hám tájwid” úyretiw boyınsha pullı oqıw kursları shólkemlestirildi.

Talabalar

Búgingi kúnge kelip bilim jurtında 148 talabaǵa 21 oqıtıwshı tárepinen tálim-tárbiya berip kelinbekte.

Jetiskenliklerimiz

Bilim jurtı oqıtıwshıları hám talabaları ótkerilip kelinetuǵın túrli taǹlawlarda qatnasıp joqarı orınlardı iyelep kelmekte.

Әлишер Наўайы әдебий мийрасы ҳәм руўхый қәдирятлар

Усы жылдың 09-февраль күни «Өзбекстан ҳалық аралық ислам академиясы» қасындағы имамлардың тәжирийбесин арттырыў бөлими Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминде туркий халықлар әдебиятының көрнекли уәкили, өзбек әдебий тилиниң тийкарын салыўшысы, шайыр хәм мәмлекет ғайраткери, ғәзел мүлкиниң султаны Әлишер Наўайы туўылғанына 583 жыл толыўы мунәсибети менен көркем әдебий кеше болып өтты.
Иләжда Ажинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының Филология факультетиниң филология пәнлери кандидаты, философия пәнлери бойынша доктори Ҳ. Алламбергенов ҳәмде Нөкис Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты талаба-жаслары мийманда болды.
Ушрасыўда «Өзбекстан ҳалық аралық ислам академиясы» қасындағы имамлардың тәжирийбесин арттырыў бөлими Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими баслығы Абибуллаев Амет кирис сөзге шығып, Әлишер Наўайының пүткил дүньяда сүйип оқылатуғын, көплеген тиллерге аўдарылған шығармалары бир неше әсир өтсе де елеге шекем халқымызды, миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримизди, уллы қәдириятларымызды дүньяға танытып атырғанлығын атап ѳтти.
Тадбирде Ажинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтыниң Филология факультетиниң филология пәнлери кандидаты, философия пәнлери бойынша доктори Ҳ. Алламбергенов сөзге шығып, Әлишер Наўайы өз дөретпелери арқалы ҳадаллық ҳәм әдиллик, руўхый жетиклик идеяларын сәўлелендириўши, инсанларды кәмилликке шақыратуғын шын мәнисиндеги халқымыздың мақтанышына айланғанлығын атап өтти.
Атап айтқанда, ҳәр биримиз уллы шайырымызды мақтаныш етип, Наўайы избасарлары болған бүгинги күн жасларына усы сезимди сиңдириўимиз, Наўайы әўладына мүнәсип болыўға ҳәрекет етип, олардай ел таныйтуғын кәмил инсан болып жетилисиўине бағдарлаўымыз ҳәм қоллап-қуўатлаўымыз зәрүр.