Күнниң екинши ярымында Өзбекстан мусылманлары басқармасы тәлим ҳәм илимий-изертлеў бөлими баслығы С.Шерхонов педагог-окытыўшылар ҳәм талабалар менен ушрасыў өткерди. Сәўбет даўамында Өзбекстандағы диний-ағартыўшылық реформалар, дүньядағы геосиясый жағдайлар, жат иллетлер қәўпи, оқытыўшы ҳәм талабалар жуўапкершилиги, илим пазыйлети, имамлық мақтанышы, билимли ҳәм дүньяқарасы кең диний кадрларға болған мүтәжлик сыяқлы мәселелер бойынша сөз жүритилди. Сәўбет жуўмағында талабалар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды