Аллаҳ таалаға Оныӊ уллылығына жараса ҳамду сәнелер болсын! Пайғамбарымыз Муҳаммад Мустафаға салаўат ҳәм сәлемлер болсын!
Ислам динин үйрениўде тийкарғы илимлерден бири «Ислам тарийхы» илими десек асыра айтқан болмаймыз. Ислам тарийхы дегенде Ислам мәмлекетлериниӊ ҳәм мусылман халықлардыӊ Ислам дининиӊ басланғыш дәўиринен баслап ҳәзирги күнге шекемги болған мүддеттеги тарийхы нәзерде тутылады. Яғный, бул тарийх дүнья басланғаннан берли ҳәзирги, бизлер жасап турған ўақытқа шекемги дәўирди өз ишине алады. Шайх Ҳасан ибн Абдуллаҳ раҳматуллаҳи алайҳ тарийхты үйрениўге қызықтырып, былай дейди: «Тарийх барлық өткен әўладлардыӊ өмир медресеси болып табылады. Тарийх арқалы тирилер өзлери ушын пайдалы нәрсени үйренип, оған әмел қылады. Сондай-ақ, өзлерине зыян жететуғын нәрселерден хабардар болып, оннан шетте болады. Тарийх – бир үммет өзиниӊ өтмишине барып келетуғын ҳәм бүгини менен өтмиши ортасынан орын алған көпир».
Ислам тарийхи Ислам дининдеги Қураны кәрийм, тәфсир, ҳәдис, фиқҳ сыяқлы бир қанша илимлер менен бир қатарда раўажланып барды. Ислам тарийхын китапларға жазыў ҳижрий III, миладий IX әсирде келип басланады. Усы дәўирден баслап ислам тарийхы ҳаққындағы мағлыўматларды китапларға жазыў, оларды түрли дәўирлерге бөлип үйрениўге айрықша итибар бериледи. Тарийх илиминиӊ раўажланыўында мусылман тарийхшыларыныӊ хызмети жүдә үлкен. Олар ислам тарийхын үйренип, бул ҳаққында келген мағлыўматларды изертлеп, өз китапларына еӊ исенимли хабарларды келтиреди. Буған Ибн Асир раҳматуллаҳи алайҳтыӊ тарийх ҳаққында жазған «Ал-кәмил фит-тарийх» китабын мысал келтириўимиз мүмкин.
Ўақыт өтиўи менен тарийх илиминиӊ ишинде Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам тарийхын үйрениўши сийрат илимиде өз алдына бир илим сыпатында ажыралып шығып, Ислам тарийхын үйрениўде жүдә үлкен үлес қосып келмекте. Бүгинги күнде сийрат илими де ислам тарийхы менен биргеликте журтымыздағы медреселерде оқыўшыларға үйретиледи.
Нөкис “Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний” орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы Толеген Низаматдинов