Динимиз ҳәр бир инсанның жеке турмысы ҳәм жәмийетте тыныш-татыў ҳәм параўан өмир кешириўи, дүнья ҳәм ақырет саадатына жетиўи ушын хызмет етеди. Бул жолда динимиздиң өзине тән парызлары, тийкарлары ҳәм қағыйдалары болып, солар ишинде динде орташа жолды таңлаў әҳмийетли есапланады. Динимиз дүнья ҳәм ақыретти бирдей итибарға алады. Бирин мойынлап, екиншисин бийкарламайды.
Орташалық, ислерде орта жолды услаў Ислам үмметине тән. Аллаҳ таала Ислам үмметин басқа үмметлер ишинде орта үммет қылған. Бул ҳаққында Қураны кәриймде былай делинеди:
“Сондай-ақ, сизлер (мусылманлар басқа) адамларға (басқа үмметлерге) гүўа болыўыңыз ҳәм Пайғамбар сизлерге гүўа болыўы ушын сизлерди «орта үммет» қылдық” (Бақара, 143-аят).
Аяты кәриймадағы “орта үммет”тиң мәниси әдалатлы, ең жақсы ҳәм түрли пазыйлетлерге ийе болыўы атап өтилди. Мине усы аяты кәрийма дәлалаты менен Ислам үммети ең абзал үммет есапланады. Буған төмендеги аяты кәрийма да дәлалат қылып турады:
“(Ҳәй мусылманлар!) Сизлер адамлар ушын шығарылған (мәлим болған) ең жақсы үммет болдыңыз. (Себеби,) сизлер жақсылыққа буйырып, жаманлықтан қайтарасыз ҳәм Аллаҳға ийман келтиресиз” (Әли Имран сүреси, 110-аят).
Демек, Ислам үмметиниң пазыйлети Аллаҳ таалаға ийман келтиргеннен соң инсаниятты ийгиликке шақырыўы, жаманлықтан қайтарыўы екен.
Динимиздеги ең әҳмийетли парызлардың бири де “Амру маъруф ўа наҳий мункар яғный “Жақсылыққа буйырып, жаманлықтан қайтарыў” болып есапланады.
Динде ортаҳаллық итиқад, әмел, илим ҳәм минез-қулықта Қураны кәрийм, ҳәдиси шәрийплер ҳәм уламалардың сөзлерин беккем услаў менен ғана жүзеге шығады.
Биз орта жолды услаў дегенди жақсы түсиниў ушын ҳәдден асыў ҳәм кемшиликке жол қойыў мәселелерин жақсы билип алыўымыз керек. Себеби орташалық мине усы еки нуқсанлы ис ортасында болады.
Биз ҳәдден асыў деп атырған “ғулуў” сөзи арабша болып, сөзликте – рухсат берилген шегарадан шығыў деген мәнини билдиреди. Шәриятта – Дин тәлиматын түсиндириўде ҳәдден асыўды аңлатады.
Улама Ибн Ҳажар раҳимаҳуллаҳтың ғулуўға «Бир нәрседе ҳәдден асып, белгиленген шегарадан шығып, онда қаттылық қылыў», деп тәрийп берген.
Имам Наўаўий ғулуўды «Шәриятта талап етилген нәрсеге қосымша киргизиў», деп атаған.
Абдулкарим Юнус ал-Хатибтиң тәрийпи төмендегише: «Ғулуў – бир нәрседе ҳәдден асыў ҳәм орташалық шегарасынан шығыў», деген.
Көрип турғанымыздай алдынғы өткен көрнекли салаф уламаларымыз да динде ғулуўға кетиўдиң (ҳәдден асыўдың) жаман ис екенин атап өтпекте.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам саҳабаларын динде ҳәдден асыўдан қайтарып турған. Буның дәлили сыптында төмендеги рәўиятты келтирип өтемиз:
Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Үш адамнан ибарат топар Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасалламнық ҳаялының үйине Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ибадатлары ҳаққында сорап келди. Оларға (бул ҳаққында) хабар берилгенде тап ол (ибадат)ты аз санағандай болды. Сонда олар:
«Биз қаяқта, Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қаяқта, оның өткен ҳәм кейинги гүналары кеширилген», деди.
Олардан бири: «Мен ҳәр дайыи түнлерди намаз оқыў менен өткеремен», деди. Ал басқасы: «Мен өмир бойы ораза тутаман, аўызым ашық жүрмеймен», деди. Және басқасы: «Мен ҳаяллардан шетте боламан, ҳеш қашан үйленбеймен», деди.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам олардың алдына келип: «Мынандай, мынандай деген сизлер ме?! Аллаҳға ант, мен Аллаҳтан ең қорқыўшыңызбан ҳәм Оған ең тақўалыңызбан. Бирақ ораза да тутаман, аўызым ашық та болады. Намазда оқыйман, уйқлайман да. Ҳаялларға үйленемен де. Ким мениң сүннетимнен жүз бурса, меннен емес», деди».
Динде ҳәдден асыўдың ең жаман түри – жетерли илими болмаса да Қуранды өзинше түсиниў, Ҳәдислерге өзинше әмел қылыў ҳәм төрт мәзҳабтан ҳеш бирине қатаң ермеў болып есапланады. Ҳәзирги күнде мәзҳабты тән алмайтуғынлар әйне динде ҳәддинен асқанлар десек болады.
Ал, және бир түри тасўўуфты шәрияттан үстем қойып, өзи қол берген пирге билип-билместен, алды-артына қарамай ерип, ҳәттеки оған сыйыныў дәрежесинде итиқад қылыў.
Билимсизлик динде ҳәддинен асқанлардың ең үлкен кемшилиги есапланады. Бирақ олардың өзлери билимсиз екенин тән алмағаны бәлениң басы есапланады. Ашынарлысы, олар өзлерин заманының уллы алымы есаплайды. Негизинде болса олар дин саласында тәўиррек басланғыш тәлимди де алмаған болады. Ақыл жүритип, ҳәзирги күнде динде ҳәддинен асып атырғанларды үйренип, тексерип шығылса, ишинде шәрий илимлерди пуқта үйренгени болмаслығы анық.
Нөкис “Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний” орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы Айдос Якупов