МУҲАМММАД ИБН АҲМАД АЛ-БЕРУНИЙ” ОРТА АРНАЎЛЫ ИСЛАМ БИЛИМ ЖУРТЫ

Билим журтында талабалар заман талапларына сай билим алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Атап айтқанда, ең заманагөй оқыў қураллары менен тәмийинленген оқыў ханалары, мәлимлеме-ресурс орайы, дәретхана, асхана, жатақхана, спорт залы, мини футбол майданшасы, саламатлық ханасы, шаштәрезхана бар.

“Қураны кәрим ҳәм тәжўид” пуллы оқыў курслары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Диний-ағартыўшылық тараўының жумысын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 2018-жыл 16-апрелдеги ПП-5416-санлы Пәрманы менен тастыйықланған илажлар Бағдарламасының 6-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң 2018-жыл 30-апрелдеги 01А/056-санлы буйрығы тастыйықланған. Усы мүнәсибет пенен Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний медресесинде 2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Мәлимлеме ресурс орайы

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний” орта арнаўлы ислам билим журтының мәлимлеме ресурс орайы фондында жәми 17756 китап сақланбақта. Соннан, 1505 улыўма билимлендириў әдебиятлары, 4085 арнаўлы пәнлерден сабақлықлар, 764 социяллық-економикалық әдебиятлар, 7340 илимий-ғалабалық әдебиятлар, 919 електрон әдебиятлары қурайды.

Курслар

2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Талабалар

Бүгинги күнге келип билим журтында 148 талабаға 21 оқытыўшы тәрепинен тәлим-тәрбия берип келинбекте.

Жетискенликлеримиз

Билим журты оқытыўшылары ҳәм талабалары өткерилип келинетуғын түрли таңлаўларда қатнасып жоқары орынларды ийелеп келмекте.

Беҳбудий және оның заманласлары

Маҳмудхөжа Беҳбудий - өзбек ағартыўшылық ҳәрекетиниң тийкарин салаўшилардан бири болып, оның дөретиўшилиги ҳәм искерлиги Туркистон жадидчилик ҳәрекетиниң раўажланыўында зәрүрли орын ийелейди. Беҳбудий өз дәўирдиң алдыңғы пикирли билимлилик, журналистлик, драматурглиқ ҳәм сиясий ғайраткерлери менен жақын шериклик еткен. Оның заманласлары - жадидчилик ҳәрекетиниң ўәкиллери болған ЖМунаввар қари Абдурашидханов, Абдулла Авлоний, Фитрат, Абдурауф Фитрат, Файзулла Хөжайев, Чолпан сыяқлы оқымыслы адамлар менен Туркистон раўажланыўы жолында хызмет еткен.

 Беҳбудий жадидчилик ҳәрекетиниң ең актив ўәкиллеринен бири ретинде жаңа мектеплер ашыў, миллий баспасөзди раўажландырыў ҳәм театр көркем өнерин раўажландириў жолында үлкен жумыслар етди. Оның тийкарғы мақсети халқти ылым-билимге бәғдарлаў, Туркистон жәмийетин раўажландириў  еди. Ол “Айна” газетасини баспа етип, халықтың саўатлилығын  асырыўға ҳәрекет етди. Саламатий искерлигиниң бул тәреплери оның заманласлары менен улыўмалық кәсип еткен.

Беҳбудийдиң  заманласлары

 Мунавварқари Абдурашидхонов - жадидчилик ҳәрекетиниң тийкар салаўшиларинан бири болып, жаңа мектеплер системасын жаратыўда ҳәм оқытыўшыларды таярлаўда үлкен рол ойнаған. Ол Беҳбудий менен бирге халқти ылым-билимге үндеў ушын газета ҳәм журнал баспа етиў жумысларына да үлкен үлес қосқан.

 Абдулла Авлоний - билим, педагог ҳәм драматург ретинде халқти саўатлы қылыў ҳәм миллий мәдениятты раўажландырыў жолында үлкен хызмет еткен. Оның “Туран” театр группаси арқалы сақналастырылған дөретпелери Беҳбудийдиң “Падаркуш” ягний “Әкесин өлтирген” драмаси менен бир қатарда жадидлердиң  миллетти оятыўға қаратылған ҳәрекетлеринен бири еди.

 Абдурауф Фитрат - өзбек әдебияты ҳәм философиясында зәрүрли орын тутқан жадидларден бири еди. Оның дөретпелери арқалы халық санасын оятыў ҳәм миллий руҳти күшейтиў Беҳбудийдиң  мақсетлери менен уйқасласқан. Фитраттиң  “Ҳинд ихтилочилари” ҳәм “Абулфайзхон” сыяқлы дөретпелери миллий тарийх ҳәм азатлық идеяларын илгери сүрген.

 Файзулла Хөжайев - Туркистон сиясий сақнасында зәрүрли орын тутқан ҳәм жадидчилик ҳәрекетиниң даўамшылары қатарындан жай алған. Ол Туркистон ғәрезсизлиги ҳәм раўажланыўы жолында искерлик жүргизген мәмлекет ғайраткери еди. Беҳбудий ҳәм басқа жадидлар менен шерикликте Туркистонди модернизациялаў жолындағы реформаларға үлес қосқан.

 Чолпан - атақлы шайыр, драматург ҳәм ағартыўшы болып, оның дөретпелери жадидчилик ҳәрекетиниң руҳий тийкарларын жаратылыўма хызмет еткен. Ол “Кеше ҳәм Кундуз” романында миллий ояныў, ғәрезсизлик ҳәм еркинлик мәселелерин көтерип шыққан. Беҳбудий сыяқлы ол да халқти ылым-билимге шақириў жолында әдебиятты қурал ретинде ислетген.

 Беҳбудий және оның заманласлары Туркистон жадидчилик ҳәрекетиниң тийкарғы жетекшилери болып, олардың билимлендириў, сиясий ҳәм мәдений искерлиги бүгинги күнде де үлкен әҳмийетке ийе болады. Олар колония зулмина қарсы гүресген, ылым-билим, мәденият ҳәм ғәрезсизлик идеяларын жырлаған. Олардың мийраслары бүгинги күн жасларын илмли, патриот ҳәм раўажланыўға умтилиўши шахс ретинде тәрбиялаўда зәрүрли орын тутады.

"Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний" орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы: Сабирбаев Иляс