МУҲАМММАД ИБН АҲМАД АЛ-БЕРУНИЙ” ОРТА АРНАЎЛЫ ИСЛАМ БИЛИМ ЖУРТЫ

Билим журтында талабалар заман талапларына сай билим алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Атап айтқанда, ең заманагөй оқыў қураллары менен тәмийинленген оқыў ханалары, мәлимлеме-ресурс орайы, дәретхана, асхана, жатақхана, спорт залы, мини футбол майданшасы, саламатлық ханасы, шаштәрезхана бар.

“Қураны кәрим ҳәм тәжўид” пуллы оқыў курслары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Диний-ағартыўшылық тараўының жумысын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 2018-жыл 16-апрелдеги ПП-5416-санлы Пәрманы менен тастыйықланған илажлар Бағдарламасының 6-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң 2018-жыл 30-апрелдеги 01А/056-санлы буйрығы тастыйықланған. Усы мүнәсибет пенен Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний медресесинде 2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Мәлимлеме ресурс орайы

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний” орта арнаўлы ислам билим журтының мәлимлеме ресурс орайы фондында жәми 17756 китап сақланбақта. Соннан, 1505 улыўма билимлендириў әдебиятлары, 4085 арнаўлы пәнлерден сабақлықлар, 764 социяллық-економикалық әдебиятлар, 7340 илимий-ғалабалық әдебиятлар, 919 електрон әдебиятлары қурайды.

Курслар

2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Талабалар

Бүгинги күнге келип билим журтында 148 талабаға 21 оқытыўшы тәрепинен тәлим-тәрбия берип келинбекте.

Жетискенликлеримиз

Билим журты оқытыўшылары ҳәм талабалары өткерилип келинетуғын түрли таңлаўларда қатнасып жоқары орынларды ийелеп келмекте.

Имам Бухарийдиң өмири ҳәм илимий дөретиўшилиги

Әбиў Абдуллаҳ Муҳаммад Әбиў Ҳасан Исмайыл ибн Ибраҳим ибн Муғира ибн Ахнаф Бардизбах ал-Бухарий ҳижраттың 194-жылы Шаўўал айының 13-сәнесинде, жума күни Бухарада туўылды. Ол жетим болып өсти. 9 жасқа жеткенде Қураны кәримди толық ядлап алды. Ҳәдисти еситиўди жақсы көрер еди, ер жеткенше он мыңнан аслам ҳәдисти ядтан билер еди.

Ҳамид ибн Исмайыл айтади: "Бухарий менен сабақ алар едим. Биз ҳәр бир ҳәдисти жазып баратуғын едик. Бухарий болса жазбас еди. Биз оннан "Неге жазбайсыз?" деп сорасак, ол: "Қәне, жазған нәрселерди көрсетиңлер" деди. Биз көрсеткенимизде, биз жазған ҳәдислерди ҳәм оган және 15000 ҳәдис қосып, ядтан айтып берди."

Имам Бухарийдиң көзлери жаслық ўақтында ҳәлсиреп, көре алмай қалады. Бир күни анасы Ибраҳим пайғамбарды түсинде көреди. Ол: "Ей ҳаял, Аллаҳ таала көп дуўаң себепли балаңа көзин қайтарып береди", дейди. Бирнеше күннен кейин Имам Бухарийдиң көзлери және көре баслайды.

Имам 18 жасқа толғанда анасы ҳәм ағасы менен ҳаж етиў ушын Маккаи Мукаррамаға келеди. Ҳаж әмеллерин орынлап болганнан соң, анасы ҳәм ағасын Бухараға жиберип, өзи ҳәдис жыйнаў ушын усы жерде қалады.

Имам Бухарийден: "Не ушин бул иске қол урдыңыз?" деп соралғанда, былай жуўап берген: "Бир күни Расулуллаҳты түсимде көрдим, қолымда желпигиш, оны желпир едим. Бул түсимди айырым түс жорыўшыларға айтсам: "Сен Расулуллаҳтан жалғанларды желпип турасаң", - деди".

Имам Мәккәдағи Абдуллаҳ ибн Язид ал-Муқрий атлы адамнан сабақ алады. Соң Хорасан, Бағдад, Ҳижаз, Басра, Куфа, Шам, Мыср сыяқлы жерлердеги адамлардан ҳәдис топлайды. Имам Бухарий 600000 ҳәдис топлап, соннан 100000 саҳиҳ, 200000 әззи ҳәдисти ядлайды. Бул ҳәдислерди топлаўда 90 000 нан артық адамның алдында болады.

Мүражжа ибн Ражаа айтады: "Имам Бухарий Аллаҳтың жерде жүриўши мөжизеси еди".

Муҳаммад ибн Юсуф айтады: "Бир күни Расулуллаҳти түсимде көриппен. Ол адам: "Қаяққа кетип баратырсаң?" деп сорайды. Мен "Муҳаммад ибн Исмайылдың қасына" деп жуўап берсем: "Ондай болса, меннен сәлем айтып қой", - деди.

Имам Аҳмад ибн Ҳанбал айтади: "Ҳадис ядлаў төрт адамда тамам болды: Әбиў Заръата ар-Разий, Исмайыл ал-Бухарий, Имам Даримий, Ҳасан ибн Шужа ал-Балҳий".

Имам Бухарийдиң устазларынан бири Абдуллаҳ ибн Халид Амирий: "Бухарийдиң көкирегиндеги түги болиўға разы едим", деген.

Ал-Фирябий айтади: "Бир күни Бухарийди түсимде көрдим. Ол киси Расулуллаҳтың артынан жүрер еди. Бухарий Расулуллаҳтың аяқ излерине аяғын қояр еди".

Бухарий өзлиниң "Жаме' Саҳиҳ" китабын 16 жылда жазып питкереди. "Қашан мине усы китабыма бир ҳәдис киритсем, ғусыл қылып, еки ракаат намаз оқыр едим", деп айтади. Уламалар бул китапты Қураннан кейинги ең саҳиҳ китап деп биледи.

Муҳаммад ибн Юсуф айтади: "Расулуллаҳты түс көрдим, маған: "Қаншаға шекем фиқҳ оқыйсаң? Мениң китабымды оқып көрсең болмай ма?" - деди. Мен: "Сизиң китабыңыз қайсы?" деп сорағанымда, ол: "Муҳаммад ибн Исмайылдың китабы мениң китабым", - деди.

Сол ўақыттағы уламалардан болған Ҳәким атлы алым айтади: "Бул дүня астын-үстин етип жиберилсе де, Бухарий сыяқлы ҳәдисти билетуғын ҳәм оны ядлайтуғын адам табылмайды".

Имам Бухарийдиң "Саҳиҳ" китабына 82 шолиў жазылған. Олардан ең белгилилери Асқаланийдиң "Фатҳул-Барий", ал-Карамийдиң "Каўкабуд-Дарорий", Қасталанийдиң "Иршадус-Сарий", Имам Суютийдиң "Ат-Таўшиҳ", Бадруддин ал-Айнийдиң "Умдатул-Қарий", Муҳаммад Анўар Кашмирийдиң "Файзул-Барий" китаплары болып есапланады.

Имам Бухарий "Ал-Жоме' ас-Саҳиҳ"тен басқа және бир қанша китаплардың авторы.

"Адабул-муфрад", "Биррул-ўалидайни", "Тарихул-кабир", "Муснадул-кабир", "Китаб-у асмаи саҳаба", "Тафсирул-кабир", "Халқи афъали ибад", "Сулфсиятул Бухорий", "Ҳадисун-Набаўий", "Тарихус-сағир", "Зуафаус-сағир" ҳәм басқа китаплар усылар қатарына киреди.

Имам Бухарийдиң устазлары көп болған, ол Әлий ибн ал-Мадиний, Аҳмад ибн Ҳанбал, Ишақ ибн Рахаўайх, Әбиў Абдуллаҳ Муҳаммад ибн Жәфар ал-Муснадий, Муҳаммад ибн Салам ҳәм басқалардан сабақ алған. Имам Бухарий буннан тысқары Ҳаммад ибн Шакир, Ибраҳим ибн Мунзир, Таҳир ибн Муҳаммад, Әбиў Талҳа Мансур, Муслим, Термизий, Насаий, Әбиў Бакир ибн Ишақ, Әбиў Фазл Аҳмад ибн Салма, Әбиў Бакир ибн Әбиў Дуня, Хусайн ибн Муҳаммад ал-Қаббаний, Саҳл ибн Шадиўайҳ ал-Бухарий ҳәм басқа да шәкиртлерге устазлық еткен.

Имам Бухарий көп қалаларда өмир өткереди. Кейин ала өз ана журтын сағынып, Бухараға қайтып келеди. Имам Бухарийди Бухара халқы жүдә жақсы күтип алады, бул жерге келген күнлери басынан алтын шашады.

Егер Имам Бухарий мешитте ҳәдис айтып, сабақ беретуғын болса, мешит толып кететуғын, адамлар саны 10 мың, гейде 20 мыңнан асып кететуғын еди. Ҳәр ўақытта болғаны сыяқлы кемситиўшилер, көре алмаўшылар, ғыйбатшылар сол ўақыттағы Бухара әмири Халид ибн Аҳмадтың алдына келип: "Бухарий халықты өзине аўдарып алыпты, тезирек бир шара көрмесеңиз, халық сизден жүз бурып кетеди", - дейди. Халид бул исте өзиниң жақынлары менен мәсләҳәтлеседи. Олар: "Бухарий жүдә белгили адам, оған жаманлық исленген болса, халық қозғалаң көтереди, жақсысы, они халықтан ажыратып алиў керек", деп мәсләҳәт береди.

Халид Имам Бухарийге адам жиберип, сарайға келип, әмир ҳәм әмелдарлардың перзентлерине сабақ бериўди усыныс етеди. Бухарий буннан бас тартады. Халид және елши жиберип, китаплары менен тез арада Әмирдиң алдына келиўин буйырады. Бухарий болса: "Илимге келеди, илим ҳеш қашан бармайды", деп жуўап береди. Бул гәплерге шыдай алмаған әмир Бухарийге бул жерден тезлик пенен шығып кетиўин буйырады. Бухарий әмирдиң зиянына дуўа етип, Самарқандқа қарап жол алады. Самарқандтан еки шақырым узақлықтағы Хартаң аўылына келип, туўысқанларының үйине туседи. Бул жерде үш күн турады. Усы күни түнги намазларын оқып болғаннан соң: "Раббим! Жер кең болыўына қарамастан, маған тар болып кетти. Мени өз алдыңа шақыр", деп дуўа етеди.

Ғалиб ибн Жабрайил айтади: "Самарқанд халқы Бухарийдиң алдына келип, әне усы жерде жасаўын өтиниш етти. Бухарий буған разылық берип, сапарға атланды. Енди атлары тәрепке төрт-бес адым басқанында бирден ҳалдан тайып, жығылатуғын дәрежеге келип қалды. Имамды үйге алып кирди ҳәм ол көп өтпей, қайтыс болды. Ертеңине жаназасы оқылып, қәбирге қойылды. Қәбиринтн бир неше күн хош ийисли мушк анбар ийиси таралып турды. Имам Бухарийдиң қайтыс болғаны ҳаққындағы хабар сол ўақыттағы халифа Ибн Таҳирге жетип барды. Халифа әмир Халид ибн Аҳмадтың бетине күйе сүртип, они ешекке тескеры отырғызып, сазайи қылыўға, соң шөлге жибериўге буйрық берди. Шөлде оны жыртқыш ҳайўанлар жеп кетти. Аллаҳ Таала жәҳил әмирди усы дүняның өзинде-ақ жазалап қойды".

Абдулўаҳид ибн Адам ат-Таўаўисий айтади: "Бир күни Расулуллаҳти түсимде көрдим. Ол киси менен бир топар саҳабалары да бар еди. Расулуллаҳ тап биреўди күткендей, бир тәрепке қарап тур еди. Оған сәлем бердим: "Кимди кутип турыпсыз, ей Расулуллаҳ?" десем, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Муҳаммад ибн Исмайыл ал-Бухарий" деп жуўап берди. Мен еки-үш күннен кейин Бухарийдиң қайтыс болғанын еситтим. Сорастырсам, Расулуллаҳты түсимде көрген күним қайтыс болған екен".

Имам Бухарий ҳижраттың 256 жылы, Шаўўал айының басларында Фитр ҳайыты кешесинде қайтыс болды. Бул инсан 13 күн кем 62 жыл өмир сүрди

"Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний" орта арнаўлы

ислам билим журты оқытыўшысы: Смамутов Кайратдин