МУҲАМММАД ИБН АҲМАД АЛ-БЕРУНИЙ” ОРТА АРНАЎЛЫ ИСЛАМ БИЛИМ ЖУРТЫ

Билим журтында талабалар заман талапларына сай билим алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Атап айтқанда, ең заманагөй оқыў қураллары менен тәмийинленген оқыў ханалары, мәлимлеме-ресурс орайы, дәретхана, асхана, жатақхана, спорт залы, мини футбол майданшасы, саламатлық ханасы, шаштәрезхана бар.

“Қураны кәрим ҳәм тәжўид” пуллы оқыў курслары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Диний-ағартыўшылық тараўының жумысын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 2018-жыл 16-апрелдеги ПП-5416-санлы Пәрманы менен тастыйықланған илажлар Бағдарламасының 6-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң 2018-жыл 30-апрелдеги 01А/056-санлы буйрығы тастыйықланған. Усы мүнәсибет пенен Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний медресесинде 2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Мәлимлеме ресурс орайы

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний” орта арнаўлы ислам билим журтының мәлимлеме ресурс орайы фондында жәми 17756 китап сақланбақта. Соннан, 1505 улыўма билимлендириў әдебиятлары, 4085 арнаўлы пәнлерден сабақлықлар, 764 социяллық-економикалық әдебиятлар, 7340 илимий-ғалабалық әдебиятлар, 919 електрон әдебиятлары қурайды.

Курслар

2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Талабалар

Бүгинги күнге келип билим журтында 148 талабаға 21 оқытыўшы тәрепинен тәлим-тәрбия берип келинбекте.

Жетискенликлеримиз

Билим журты оқытыўшылары ҳәм талабалары өткерилип келинетуғын түрли таңлаўларда қатнасып жоқары орынларды ийелеп келмекте.

БИЛИМ ЖУРТЫНДА "ИМАМ ТЕРМИЗИЙДИҢ ИЛМИЙ МИЙРАСЛАРЫН ҮЙРЕНЕМИЗ" УРАНЫ АСТЫНДА БЕЛЛЕСИЎ БОЛЫП ӨТТИ.

БИЛИМ ЖУРТЫНДА "ИМАМ ТЕРМИЗИЙДИҢ ИЛМИЙ МИЙРАСЛАРЫН ҮЙРЕНЕМИЗ" УРАНЫ АСТЫНДА БЕЛЛЕСИЎ БОЛЫП ӨТТИ.

Усы жылдың 19-сентябрь күни Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында 4-курс талабалары арасында "ИМАМ ТЕРМИЗИЙДИҢ ИЛМИЙ МИЙРАСЛАРЫН ҮЙРЕНЕМИЗ" ураны астында беллесиў болып өтти.

Бул беллесиў 3 шәрттен ибарат болып, биринши шәрт таңланған билет тийкарында муҳаддислердиң өмир баянын айтып бериў. Усы шәртте ҳәр бир топардың қатнасыўшысына жуўап бериў ушын үш минут ўақыт берилди.

Екинши шәрт беллесиўдиң мазмунына тийисли қысқа сораў-жуўаплар шәрти болып, бунда ҳәр бир топардың бир қатнасыўшысына он бес  сораў төрешилер қурамы тәрепинен берилди.

Үшинши шәртте муҳаддислердиң өмирине байланыслы ибратлы ўақыялар атамасында сахналық көринис шөлкемлестириў. Бунда қатнасыўшыларға сахналық көринисти жарытып бериў ушын 7 минут ўақыт берилди.

Ҳәр бир төреши қурамы ағзасы қатнасыўшылардың сораўларға берген жуўапларына көре ҳәм көрсеткен сахналық көринислеринен келип шығып 1 баллдан 5 баллға шекем баҳалап барады.

Беллесиў жуўмағына көре 402-топар талабалары 39 балл менен биринши орынды қолға киритип, жеңимпаз болды. 401-топар талабалары 36 балл менен екинши орынды, ал 403-топар талабалары 30 балл менен үшинши орынды қолға киргизди.

Жеңиспаз болған топар ағзаларына билим журты жәмәәти тәрепинен мақтаў жарлығы ҳәмде қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Билим журты баспасөз хызмети