МУҲАМММАД ИБН АҲМАД АЛ-БЕРУНИЙ” ОРТА АРНАЎЛЫ ИСЛАМ БИЛИМ ЖУРТЫ

Билим журтында талабалар заман талапларына сай билим алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Атап айтқанда, ең заманагөй оқыў қураллары менен тәмийинленген оқыў ханалары, мәлимлеме-ресурс орайы, дәретхана, асхана, жатақхана, спорт залы, мини футбол майданшасы, саламатлық ханасы, шаштәрезхана бар.

“Қураны кәрим ҳәм тәжўид” пуллы оқыў курслары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Диний-ағартыўшылық тараўының жумысын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 2018-жыл 16-апрелдеги ПП-5416-санлы Пәрманы менен тастыйықланған илажлар Бағдарламасының 6-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң 2018-жыл 30-апрелдеги 01А/056-санлы буйрығы тастыйықланған. Усы мүнәсибет пенен Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний медресесинде 2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Мәлимлеме ресурс орайы

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний” орта арнаўлы ислам билим журтының мәлимлеме ресурс орайы фондында жәми 17756 китап сақланбақта. Соннан, 1505 улыўма билимлендириў әдебиятлары, 4085 арнаўлы пәнлерден сабақлықлар, 764 социяллық-економикалық әдебиятлар, 7340 илимий-ғалабалық әдебиятлар, 919 електрон әдебиятлары қурайды.

Курслар

2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Талабалар

Бүгинги күнге келип билим журтында 148 талабаға 21 оқытыўшы тәрепинен тәлим-тәрбия берип келинбекте.

Жетискенликлеримиз

Билим журты оқытыўшылары ҳәм талабалары өткерилип келинетуғын түрли таңлаўларда қатнасып жоқары орынларды ийелеп келмекте.

Билим журтында Өзбекстан мусылманлары басқармасы қәнигелери менен ушырасыў болды.

Билим журтында Өзбекстан мусылманлары басқармасы қәнигелери менен ушырасыў болды.

2024-жыл 16-апрель сәнесинде Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында Өзбекстан мусылманлары басқармасы Тәлим ҳәм илимий изертлеў бөлими қәнигеси А.Дўстматов,  Өзбекстан мусылманлары басқармасы Мешитлер менен ислесиў бөлими қәнигеси М.Жаббаров, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разовлар менен ушырасыў болып өтти.
     Ушырасыўды билим журты директоры Ж.Абдиразаков кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
     Ҳәзирги күнге келип, Өзбекстан мусылманлары басқармасына қараслы үш жоқары ҳәм он орта арнаўлы ислам билим журтларында талабалардың тәжирийбели устазлардан тәлим ҳәм тәрбия алып атырғанлығы айтылды. Сондай-ақ, орта арнаўлы ислам билим журтларын тамамлаған талабалар Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы муфтий ҳәзиретлериниң буйрығы тийкарында жумысқа жайласыўына ийе болып атырғанлығы айтып өтилди.

Сондай-ақ, билим журтында тәлим алып атырған 4-курс талабалары менен олардың келешектеги Республикамыздың раўажланыўына өз тараўлары бойынша жумыс орынларына жайласыўы, бөлистирилиўи ҳаққында сәўбетлести ҳәм өзлеринен қызықтырылған сораўларға толық жуўапларын алып мазмунлы, тәсирли тәризде болды.
Келген мийманларымыз талабаларға келешектеги ийгиликли жумысларына табыслар тилеп ушырасыўды жуўмақлады.

Билим журты баспасөз хызмети