МУҲАМММАД ИБН АҲМАД АЛ-БЕРУНИЙ” ОРТА АРНАЎЛЫ ИСЛАМ БИЛИМ ЖУРТЫ

Билим журтында талабалар заман талапларына сай билим алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Атап айтқанда, ең заманагөй оқыў қураллары менен тәмийинленген оқыў ханалары, мәлимлеме-ресурс орайы, дәретхана, асхана, жатақхана, спорт залы, мини футбол майданшасы, саламатлық ханасы, шаштәрезхана бар.

“Қураны кәрим ҳәм тәжўид” пуллы оқыў курслары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Диний-ағартыўшылық тараўының жумысын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 2018-жыл 16-апрелдеги ПП-5416-санлы Пәрманы менен тастыйықланған илажлар Бағдарламасының 6-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң 2018-жыл 30-апрелдеги 01А/056-санлы буйрығы тастыйықланған. Усы мүнәсибет пенен Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний медресесинде 2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Мәлимлеме ресурс орайы

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний” орта арнаўлы ислам билим журтының мәлимлеме ресурс орайы фондында жәми 17756 китап сақланбақта. Соннан, 1505 улыўма билимлендириў әдебиятлары, 4085 арнаўлы пәнлерден сабақлықлар, 764 социяллық-економикалық әдебиятлар, 7340 илимий-ғалабалық әдебиятлар, 919 електрон әдебиятлары қурайды.

Курслар

2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Талабалар

Бүгинги күнге келип билим журтында 148 талабаға 21 оқытыўшы тәрепинен тәлим-тәрбия берип келинбекте.

Жетискенликлеримиз

Билим журты оқытыўшылары ҳәм талабалары өткерилип келинетуғын түрли таңлаўларда қатнасып жоқары орынларды ийелеп келмекте.

Билим журтында иләж өткерилди.

Билим журтында иләж өткерилди.

Усы жылдың 15-март күни – “Диний кеңпейиллик, халықларара дослық – бизиң бас мақсетимиз” сүрени тийкарында өткерилип атырған миллетлер аралық татыўлық, дослық ҳәм аўызбиршиликтиң әҳмийетин жаслар арасында кеңнен жарытыў мақсетинде усы билим журтында ис-иләж өткерилди.
Иләжди билим журты директоры Ж.Абдиразаков кирис сөзи менен ашты ҳәм келген мийманларды қатнасыўшыларға таныстырды. Ол өз баянатында мәмлекетлерде жүз берип атырған миллий, диний ҳәм етникалық келиспеўшилик жағдайлар болып атырғанда, бизиң елимизде ҳәр қыйлы миллет ўәкиллериниң тыныш-татыў, абадан турмыста өмир сүриўи елимизде алып барылып атырған “Диний кеңпейиллик, халықларара дослық – бизиң бас мақсетимиз” бағдардағы дурыс сиясаттың нәтийжеси болып есапланатуғынлығына айрықша атап өтти.

Бүгинги иләж мийманымыз Дин ислери бойынша Нөкис қалалық бөлими бас қәнигеси Х.Незаметов “Диний кеңпейиллик, халықларара дослық – бизиң бас мақсетимиз” сүрени тийкарындағы үгит-нәсиятларға тоқтап өтти. Мийманымыз өз шығыўында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен өзлериниң миннетдаршылығы тийкарында ҳүрмет жарлығы ҳәм бир қанша саўғаларын тапсырды.
Иләж даўамында мийманымыз билимлендириў тараўының раўажланыўында көп жыллар хызмет еткен нураный ағамыз Б.Султановқа берилди. Ол өз баянатында Өзбекстан улыўма үйимиз көп миллетли татыў халық болып биргеликте жасап киятырғанлығымызды айтып өтти.

Иләж соңында билим журтымызда билим алып атырған студентлеримиз көп миллетли мәмлекет екенимиздиде өзлерының сахналық көринислери ҳәм музыкалық еситтириўи менен өзбек, қарақалпақ, қазақ, түркмен, тәжик, кәрис, түрк, орыс миллетлериниң миллий кийимлери, музыкалық әсбаплары менен қатнасты.
Ис-илаж соңында қантасыўшылар руўҳый дем алып өз миннетдаршылықларын билдирди.