
🏢 Өзбекстан мусылманлары басқармасына қараслы жоқары ҳәм орта арнаўлы ислам билим журтларына 2024-2025 оқыў жылы бойынша оқыўға кириў нийетинде болған абитурийентлер ушын қабыллаў имтиханларына пухта таярлық көриўге көмеклесиў мақсетинде 2024 жылдың март айынан баслап барлық ислам билим журтларында таярлық курслары шөлкемлестириледи.
✅ Таярлық курслары төмендеги пәнлерден болып өтеди:
🏢 Жоқары ислам билим журтларына:
✅ Шет тили (араб тили);
✅ Фиқҳ ҳәм ақоид;
✅ Өзбекстан тарийхы пәнинен.
🏢 Орта арнаўлы ислам билим журтларына:
✅ Шет тили (араб тили);
✅ Өзбекстан тарийхы ;
✅ Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық тийкарлары пәнинен.
👨💻Таярлық курсының сабақлық шынығыўлары ислам билим журтларының маман қәнигелери тәрепинен алып барылады.
📞 Еслетип өтемиз, бул таярлық курсында оқыў нийетинде болған абитурийентлер жоқары ҳәм орта арнаўлы ислам билим журтларының төмендеги исеним телефонларына қоңыраў етиўи мүмкин.
📞 ЖОҚАРЫ ИСЛАМ БИЛИМ ЖУРТЛАРЫНА
- Ташкент ислам институты - +998 71-227-23-47
- Мир Араб жоқары медресеси - +998 99 -702-82-70
- Ҳәдис илми мектеби- +998 66 -673-31-51
📞ОРТА АРНАЎЛЫ ИСЛАМ БИЛИМ ЖУРТЫНА
- Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний - +998-90-095-93-93